Әйне күнлери Ҳиндстанныӊ Ченнай қаласында пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасы қызғын даўам етпекте.
1-август күни Олимпиаданыӊ 4-туры шеӊберинде Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы Доминикан Республикасы ўәкиллерине қарсы ойын өткерип, онда 3-1 есабында жеӊиске еристи.
Бунда Мафтуна Бобомуродова ҳәм Маржона Маликовалар жеӊиске ерискен болса, Нилуфар Якуббоева ҳәм Умида Омоновалар теӊбе-теӊ ойнады.
Солай етип командамыз ағзалары усы жеӊистен кейин өзиниӊ топлаған упайлар санын алтаўға жеткерди.
Ал, ерлер бойынша сайланды командамыз ағзалары АҚШ сайланды командасы менен 2-2 есабында ойнаўға миясар болды.
Бул ушырасыўда Нодирбек Абдусатторов Фабиано Караунани жеӊилиске ушыратқан болса, Нодирбек Якуббаев ҳәм Жаҳонгир Воҳидовлар теӊбе-теӊ ойнаўға миясар болды. Тилекке қарсы, Жавоҳир Синдаров бул ушырасыўда өз қарсыласынан жеӊилип қалды ҳәм 1 упайға ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги