Азия футбол Конфедерациясы  2026-жылғы жәҳән чемпионатына таӊлап алыў ойынларыныӊ жаӊа форматын рәсмий түрде жәриялады.

48 мәмлекеттиӊ миллий сайланды командалары қатнасатуғын бул мундиалға Азия континетинен 8 (+0,5) орын ажыратылған.

Жәрияланған жаӊа форматқа бола, биринши таӊлап алыў басқышында ФИФА рейтингиде еӊ төмен нәтийже көрсеткен 22 команда шек таслаў нәтийжелери бойынша 11 жуплыққа бөлинип, үй-сапар системасында ойынларға түседи ҳәм онда жеӊип шыққан жеӊимпазлар екинши басқышқа жоллама алады.

Екинши басқышта болса 36 команда қатнасып (соннан 25 и ФИФА рейтингдеги еӊ жақсы, 11 и биринши басқыш жеӊимпазлары), ҳәр бир топарда 4 командадан 9 топарға бөлинип өз-ара ойынлар өткереди. Соӊынан ҳәр бир топарда еки команда үшинши басқышқа жоллама алып, және үш топарға бөлинип ойынларға қатнасады. Соннан ҳәр бир топарда дәслепки 1-2-орынды ийелеген командалар жәҳән чемпионатына жоллама алса, 3-4-орынларды ийелеген 6 команда қалған еки орын ушын өз-ара гүрес жүргизеди.

Бунда бул алты команда және еки топарға бөлинип ойын өткереди ҳәм топарларда 1-орынды ийелеген командалар жәҳән чемпионатыныӊ тағы 2 жолламасын қолға киргизеди.

Екинши орынды ийелеген командалар болса, континентлер аралық плей-офф жолламасы ушын ойын өткереди.

Жәҳән чемпионатыныӊ таӊлап алыў басқышы 2023-жылдыӊ октябрь айында басланып, 2025-жылдыӊ ноябрь айына шекем даўам етеди.  Өзбекстан сайланды командасы өз ойынларын 2-басқыштан баслайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги