Болгария пайтахты София қаласында таэквандо WT бойынша кадетлар арасында жәҳән чемпионаты даўам етпекте.

Чемпионаттыӊ дәслепки күнинде өзбекстанлы 5 таэквандошы даянға шығып, онда бесеўи де қола медалын қолға киргизген еди. Ал, жарыстыӊ екинши күни болса, сайланды команда ағзалары және үш медалды ийелеўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, Лайло Ҳасанова барлық қарсыласларын жеӊип шығып, жәҳән чемпионына айланған болса,  Дилмурод Маъруфжонов гүмис, София Ханлар қола медалына мүнәсип деп табылды.

Жәҳән чемпионатыныӊ үшинши күни де Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ушын әўметли келди.

Онда Аминахон Камалова ҳәм София Ханлар өз қарсыласларын ярым финалға шекем жеӊилиске ушыратты. Бирақ, бул басқышта оларға бираз әўмет жетиспеди.

Қола медалы ушын беллесиўде болса, олар өз қарсыласларын жеӊип шығып, чемпионаттыӊ 3-орнын ийелеўге миясар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги