«Өзбекфильм» киностудиясының техникалық жәрдеми менен буннан 15 жыл алдын сүўретке алынған Қарақалпақстан халық жазыўшысы, киносценарист М.Нызанов авторлығындағы «Танка» комедиясының миллий қарақалпақ киносанаатында айрықша орын ийелегенин атап өтиў орынлы. Көркем фильм өзбек тилине дубляж исленгеннен соң, ол тек ғана қарақалпақ халқының емес, ал пүткил Өзбекстан киноықласбентлерин тәкирар-тәкирар тамашалаўға тартатуғын экран шығармасына айланды. Өйткени, турмысымызда ушырасатуғын күлкили ўақыяларға бай, тамашагөйлерге бир дүнья заўық бағышлайтуғын шығарманың тәрбиялық әҳмийети де жоқары болып табылады. Қысқаша айтқанда көркем фильмниң сюжети бәршеңизге таныс. Ал, Сиз оның дөретилиў тарийхындағы қызықлы фактлер туўралы не билесиз? Биз үйренгенлеримиз тийкарында төмендегише сөз етемиз.
ТАНКА ҚАЛАЙ «ТАНКА» БОЛДЫ?
Сол жыллары М.Нызановтың Өзбекстан телевидениесинде «Пәзне» атлы ярым саатлық комедиясы қойылады. Оннан илҳамлаған автор постановканы даўам етиў мақсетинде «Қәтере» атлы гүрриңи тийкарында «Танка» атлы телепостановка жазады. Қызықлы тәрепи сонда, тиккелей өзбек тилинде жазылған комедияның бас қаҳарманы ушын устаз, комик актёр Эргаш Каримов таңланған еди. Деген менен, сценарийди оқып көрген ол авторға: – «Көз тиймесин жақсы жазылыпты, ҳәз етип оқыдым. Бул ушын сизге рахмет. Бирақ қапа болмаң, мен бул рольди ойнай алмайман. Себеби, адамлардан уяламан. Олар мени жүдә мақтаншақ болып кетипти, деген пикирге барыўы мүмкин. Мүмкин, басқа биреўге ылайықлап жазып көрерсең», деген өкинишли жуўап берди. Автор оннан ҳақылы түрде қапа болды… Деген менен, онда усы шығарма дөгерегинде киносценарий жазыўға деген қуштарлық арта түсти. Әҳмийетлиси таяр болған сценарий Ташкентте көркемлик кеңес ағзаларына мақул болды-дә, бирақ…
АЛЛА ПУГАЧЁВА МА ЯКИ РАЖ КАПУР МА?
«Танка»дағы бас қаҳарман Баҳадыр Мурадовтың гезектеги аўыл хожалығы техникалары мәкемеси баслығының алдына түсип барғандағы Автоваз мәкемесиниң оннан баласының тойына Раж Капурды шақырып бериўин өтиниш еткен сюжети бәршеңизге таныс, әлбетте. Қызықлы тәрепи, ол негизги сценарийде «Алла Пугачёва» еди. «Өзбекфильм» киностудиясының директоры Мурад Абдуллаев авторға бул бойынша төмендегише пикир билдиреди: – «Биз «Танка»ны өзимиз жазғандай қуўанып отырмыз. Бирақ, азғана өзгерис киргизетуғын жерлери бар. Сиз тойға «Алла Пугачёваны алдырып бересең» депсиз, келиң ол Раж Капур болағойсын-дә!» деген пикири менен Алла Пугачёва Раж Капурға өзгереди.
ОЛАЙ БОЛСА САҚАЛЫҢЫЗДЫ АЛДЫРСАҢЫЗ…
Сценарий қабылланған соң «Қарақалпақфильм» киностудиясында ташкентли киношылар ҳәм режиссёр Төренияз Қәлимбетов тәрепинен актёрлар таңланады. Онда бас роль (Баҳадыр Мурадов) Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, актёр ҳәм режиссёр Қуўатбай Әбдиреймовқа бериледи. Тилекке қарсы, телевидениедеги тығын-таян жумысы себепли актёр таңлаўға қатнаса алмаған автор М.Нызанов Қ.Әбдиреймовқа өзиниң пикирин билдирди:
– «Қуўатбай аға, кеширерсиз, мениң пикиримше сиз бул рольдиң рамкасына сыймай атырғандайсыз. Сизден өткен дәўир ҳаққында фильм болса – хан яки бий, батыр рольлери, ал бүгинги дәўир болса – шет елден келген қандай да бир уллы дәрежели мырзалардың образы жақсы шыққан болар еди».
– Оннан қорқпа, – дейди Қ.Әбдиреймов. – Билесең, мен кинода биринши мәрте ойнап атырған жоқпан, сүўретке алыў пайытында жүдә жумсарып, киширейип қаламан. Сонда Рамкаға биймәлел сияман.
– Олай болса сақалыңызды алдырсаңыз, – дейди автор.
– Я-ғғ-әй, сақалымды алдырсам мен өзиме уқсамай қаламан.
Қулласы, Қ.Әбдиреймов өз пикиринен қайтпайды ҳәм М.Нызанов оған тәслим болады.
ШАМУРАТ ӨТЕМУРАТОВ: МЕН МИКРОИНСУЛЬТ БОЛҒАНМАН…
Ғәрезсизлик байрамынан соң ташкентли кино түсириўшилер толығы менен Нөкиске келеди. Бирақ, Шамурат Өтемуратовтың (микроинсульт) наўқасланып, төсек тартып жатып қалыўына байланыслы съёмка жумысы иркинишке түседи. Буннан қәўетерленген дөретиўшилер аяғы күйген таўықтай тыпыршылап қалады. Шамурат ролине ҳәр қыйлы актёрлар сынақтан өткерилип, олардың ҳеш бири жазылған рольди кәмине келтирип атқара алмайды. Ҳәттеки, кино түсириўши топар бул рольге Ташкенттен де актёр излеўге түсип қалады. Лекин, М.Нызанов бул рольге Шамурат Өтемуратовтан басқасын мақул көрмеди. Тәўекел етип жанына ташкентли кино дөретиўшилер Дәўран, Файзрахман, Т.Қәлимбетов ҳәм невролог шыпакер Ж.Реймовларды ертип Шамурат ағаны көриўге барады. Унамлы тәрепи – неврологтың жыллы сөзинен аўырғанын умытып кеткен Шамурат аға секең-секең атып съёмка процесине келеди.
«ШАҲСӘНЕМ» КЕНИМЕХТЕН УШЫП КЕЛДИ…
Танка комедиясында Шамурат атаның Баҳадыр Мурадовты театрға излеп келип, саҳнада қойылып атырған «Ғәрип ашық» спектаклине ғайыптан тайып кирип кетип, ҳижран азабында жылап атырған Шаҳсанем (М.Сапаева)ди жубататуғын күлкили көринис бәриңизге таныс. Бул эпизод автор тәрепинен ҳәр тәреплеме орынлы түрде қосылған, деп айта аламыз. Өйткени, талантлы дөретиўшилер Ө.Қосымбетов (Ғәрип) пенен М.Сапаева (Шаҳсәнем) кәмине келтирип атқарған бул спектакль халқымыздың жүрегинен терең орын алған сахна шығармасы болып қалды. Солай екен, зийрек тамашагөй Ғәрипти-Өмирбайсыз, ал Шаҳсәнемди – Мырзагүлсиз қабыл ете алмайды.
Деген менен, М.Сапаева көркем фильмде сәл болмаса өзиниң сүйикли ролин басқаға берип қоя жазлады. Сүўретке алыў топары усы эпизодты алыў пайытында М.Сапаеваның Кенимехте кәсиплес достының тойында болыўына байланыслы Шаҳсанемди басқа актрисаның атқарыўында сүўретке алмақшы болды. Буннан хабардар болған М.Нызанов Мырзагүлди съёмкаға алдырыў ушын ҳәммени, ҳәттеки, тараў басшыларын аяққа турғызды. Әҳмийетлиси, М.Сапаева сол күни Кенимехтен ушып келди…
ШАМУРАТ АТА ЯМАҒА ҚАЛАЙ ҚУЛАДЫ?
Сүўретке алыў процесинде Шамурат Өтемуратов өзиниң наўқаслығын умытып кеткени менен ол дөретиўши жәмәәттиң турақлы дыққат орайында болды. «Ғәрип ашық» ойналып атырғанда оны жәлладлар найзасы менен шегиндирип, оркестор ямасына қулатыўы керек еди. Деген менен, оның наўқаслығынан қәўетерленген дөретиўши топар: «Шамурат аға, сизди ямаға қулатыўға көзимиз қыймай тур, сәл жерде бир жериңизге зақым келтирип алармыз», деп алжастырып оның кийимин «Өзбекфильм»нен келген бир сахна хызметкерине кийдирип, ямаға қулатады ҳәм сол сәтте кадр алынады. Дөретиўши топардың плёнканың зая болмағына қуўанғаны соншелли, оның «Ўай, жамбасым» деп бақырғанын ҳеш бири еситпейди.
ТАШКЕНТЛИ КИНОШЫЛАР «ТАНКА»НЫ ҲАҚЫЙҚЫЙ ТАНКА ДЕП ОЙЛАДЫ …
Ең қызықлы тәрепи, М.Нызановтың биз унамлы ҳәм дурыс қабыл алған «Танка» көркем фильми улыўма басқаша мазмун-мәниске өзгерип, сүўретке алыў қарсаңында сценарийдиң бузыла жазлаўына сәл қалды. Ўақыя төмендегише болған еди:
Көркемлик кеңес ағзаларында М.Нызановтың бурын киносценарий жазып көрмегенлигин есапқа алып, тәбийғый түрде оны тәжирийбели бир сценаристке оқытып көриў пикири туўылды. Ол авторға мақул түсиўин түсти-дә, бирақ, соңынан не болды дең? Исми белгисиз «тәжирийбели» киносценаристтиң қолынан шыққан «Танка»ны автордың толық оқып шығыўға тақаты жетпеди. Себеби, онда «Танка» – ҳақыйқый әскерий танка менен алмастырылған еди. Сценарийде әскерий округтен ҳақыйқый танка жүрип келеди, ал жетпис жасар кексе Шамурат ата болса, мотоцикльде жүреди.
– Шамурат ағаны өлтирип аламыз-ғой, ақыры… Мен бул фильмге автор бола алмайман, – дейди М.Нызанов соңында ташкентли киношыларға наразы пишинде.
Соң белгили болғанындай, көркемлик кеңестиң он бес ағзасы мақуллаған бул жаңа сценарийди фильм сёмкасының бас-қасында жүрген Д.Абдуллаевтың өзи де оқып көрмеген екен. Сценарийди оқып шыққан ол, оның мазмунының улыўма өзгерип кеткенин, М.Нызановтың наразылығының тийкарлы екенин аңлайды. Сондай-ақ, оны Көркемлик кеңеске де мойынлатады. Мине, М.Нызанов жазған «Танка» киносценарийи усылайынша өз мазмунын сақлап қалды.
Ч.ЕЛМУРАТОВ
Қарақалпақстан хабар агентлиги