Ҳиндстанныӊ Ченнай қаласында пүткил дүнья жүзилик шахмат Олимпиадасы жарыслары болып өтпекте.

Онда қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары жарыста табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, ерлер сайланды командасы Непалды 4:0 есабында утқан болса, 2-турда словениялы шахматшыларды 3:1 есабында жеӊип шығыўға миясар болды. Енди команда ағзалары 3-турда АҚШ сайланды командасы менен өз-ара гүрес алып барады.

Ал, ҳаял-қызлар командамыз болса, 1-турда Гананы 4:0 есабында жеӊген болса, 2-турда АҚШлы қызларға 1:3 есабында жеӊилип қалды.

Кеше өткерилген 3-турда өзбекстанлы қызлар Замбия сайланды командасы ағзалары менен ойын өткерип, онда 4:0 есабында жеӊиске еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги