Кеше ҳаял-қызлар футболы Европа чемпионатында финал ойыны болып өтти.

Онда Англияныӊ сайланды командасы Германия менен чемпионлық ушын өз-ара гүрес алып барды. Атап айтқанда, ойынныӊ 62-минутында Элла Тонн есапты ашқан болса, 79-минутта  Лина Магулл германиялылардыӊ жуўап голын урыўға миясар болды.

Буннан соӊ ойынныӊ тийкарғы минутларында ҳеш бир командаға гол урыў несип етпеди. Ал, бас төреши тәрепинен қосып берилген қосымша таймныӊ 110-минутында Хлоэ Келли гол урып, Англияны өз тарийхында дәслепки рет Европа чемпионына айландырды.

Ал, Германия болса, буған шекем 8 мәрте финалға шығып, олардыӊ барлығында жеӊиске ерискен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги