Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июль күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң пайтахтымыздағы мәжилиси илажларында қатнасып атырған Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Сәўбетте Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер толық көрип шығылды.

Региондағы жағдайға ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў тәреплерине, соның ишинде, ШБШ саммитине таярлық мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў алдында сыртқы ислер министри Өзбекстан жетекшисине Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы көп қырлы әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы жоқары тезлик пенен артып бармақта. Усы жылдың басынан баслап товар алмасыў 32 процентке артты. Биргеликтеги Жойбарлаў офисиниң жумысы шеңберинде дерлик 40 ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Кейинги бир неше жылда Өзбекстанда Россияның 12 жеткши жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы жолға қойылды.

Регионаллық, соның ишинде, «Орайлық Азия – Россия» форматындағы бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Аўғанстандағы жағдайдың тынышлық жолы менен шешилиўине ҳәм бул мәмлекеттиң экономикалық тиклениўине жәрдемди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА