Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июль күни әмелий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Түркия ишки ислер министри Сулайман Сойлуды қабыл етти.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде ҳуқық қорғаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўларында әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў  алдынан министр Сулайман Сойлу мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Түркия тәрепи ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мақсетинде системалы  уйымлараралық шерикликти жолға қойыўға таяр екенин атап өтти.

Сәўбетте жедел сөйлесиўлерди, мәлимлеме алмасыўды ҳәм алдынғы тәжирийбени үйрениўди даўам еттириў, шөлкемлескен, соның ишинде, кибермәкандағы жынаятшылық, терроризм, диний экстремизм, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў бойынша қоспа илажларды өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА