Президент Шавкат Мирзиёев 27-июль күни пахташылықтағы әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәжилис өткерди.

Ҳәммемизге белгили, бул тараў аўыл хожалығы ҳәм халықтың бәнтлигинде айрықша орын ийелейди. Соның ушын Президентимиздиң басламасы менен пахта жетистириўде кластер системасы енгизилди. Бул система нәтийжесинде 350 ге шамалас ири фабрика иске қосылды. Бес жыл алдын елимизде жетистирилген пахта талшығының тек ғана 40 проценти қайта исленген болса, ҳәзирги күнде 100 процент өзимизде қайта исленбекте.

Соңғы жыллардағы климат өзгерислери пахташылық алдына жаңа ўазыйпалар қоймақта. Атап айтқанда, бул жылғыдай аномал ыссы алдын ҳеш қашан болмаған. Он күннен берли елимизде күндизги температура 43 градустан жоқары болмақта. Кешки ўақытта да кем емес.

Бул пахташылық ушын айрықша жағдай. Бирақ барлық имканиятларды жумсап, зүрәәтти сақлап қалыў зәрүр. Оның ушын туқымгершилик, сорт таңлаў, төгин төгиў, суўғарыў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиўди илимий қатнаслар тийкарында жолға қойыў керек.

Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысының «Пахта зүрәәтлилигин арттырыў, пахта жетистириўде илим ҳәм инновацияларда енгизиўдиң қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, Пахташылық кеңесиниң дүзилгени мақсетке муўапық болды.

Мәжилисте инновациялық раўажланыў министри, Пахташылық кеңесиниң баслығы И.Абдураҳманов кеңес тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берди.

Онда айтылыўынша, Кеңес ағзалары илимпаз ҳәм қәнигелер менен бирге Төменгишыршық, Сайхунабад, Нәўбәҳәр, Нарпай, Вабкент ҳәм Қаракөл районларына барып, ҳақыйқый жағдайды үйренген. Соның ишинде, туқымлық пахта егилген майданларда нәлдиң қалыңлығы нормаға қарағанда 35-40 процентке арттырып жиберилгени анықланған. Айырым атызларда пахтаның жоқарысында ғорек дерлик жоқ, төменинде болса  тек ғана 2-3 ғорек бар. Зыянлы шыбын-ширкей ҳәм кеселлик түрлери де көбейген.

Мәжилисте бундай жағдайда пахтаны тәрбиялаў ҳәм зүрәәтликти тәмийинлеў бойынша усыныслар ҳәм көрсетпелер айтып өтилди. Оларды барлық аймақларда әмелге асырыў бойынша «әҳмийетли 30 күнлик» жәрияланды.

Кластер ҳәм фермерлердиң атызына барып, илимий қатнас ҳәм жаңалықларды түсиндириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

-Климаттың өзгериўи келешекте де унамсыз тәсир көрсететуғынын есапқа алып, жумыс ислеўимиз керек. Бул мәселеге илимий қатнаста болыў шәрт,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ўәлаят ҳәкимлери бул әҳмийетли күнлерде исленетуғын жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА