Халық билимлендириў министри Бахтияр Саидов 2022-2023-оқыў жылында бирден-бир мектеп формасы енгизилиўи бойынша мағлыўмат берди.

2022-жыл сентябрь айынан жаңа оқыў жылында ата-аналар ушын бирден-бир форманы сатып алыўға мәжбүрий талап қойылмайды ҳәм мектепке бирден-бир формада келмеген оқыўшыларға ҳеш қандай наразылықлар билдирилмейди.

Миллий қәдриятларымыздан келип шығып, оқыўшы-қызлардың мектепке ашық реңдеги миллий орамалды бастың арқа тәрепинен ораған ҳалда келиўи қадаған етилмейди.

Сондай-ақ, оқыўшы-қызлардың юбка ҳәм кофта жеңлериниң узынлығын узайтыўға рухсат бериледи, бирақ белгиленген өлшемнен келте болмаўы керек.

Жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери және «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» қорларының қаржылары есабынан мектеп формасын сатып алыўға жәрдем бериледи.

Мектеп формасын тек бир исбилерменнен ямаса кәрханадан сатып алыў бойынша мектеп администрациясы тәрепинен мәжбүр етилмейди ҳәм бундай жағдайға жол қойылмайды.

Мектеп формасы саўдасы август айынан баслап ҳәр бир район ҳәм қала орайларындағы халыққа қолайлы орынлар және мектеп ярмаркаларында шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги