«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы ҳәм кәсиплик аўқамлары  есабынан хызметкерлердиң 150 перзенти елимиздеги балалар дем алыў орайларына бийпул жоллама менен тәмийинленди.

Атап айтқанда, июнь айында 60 бала Мойнақ районындағы «Ақ кеме», 30 бала Тақыятас районындағы «Айдын жол», 30 бала Төрткүл районындағы «Лашын» дем алыў орайларында жазғы дем алысын өткерип қайтты.

Усы жылдың 24-июль күни кәрхана хызметкерлериниң 30 перзентине Наўайы ўәлаятындағы «Офтобжон» балалар дем алыў орайына жоллама берилди. Балаларды дем алыў орайына алып барыў, қайтыў жол қәрежетлери кәрханасы ҳәм кәсиплик аўқамлары  есабынан төлеп бериледи.

 

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.