Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының басламасы менен өткерилип атырған «Биз бир елмиз, бир халықпыз, Жаңа Өзбекстан дөретиўшилеримиз!» социаллық жойбары даўам етпекте.
Бизге белгили, усы жойбар шеңберинде Қарақалпақстанлы балалар Республикамыздың түрли аймақларында жайласқан ең сулыў ҳәм ҳаўасы таза дем алыў орайларында дем алып, денсаўлықлары беккемленбекте. Лагерьлерде олардың жақсы дем алыўы ҳәм бос ўақытларының ҳәр бир минутын мазмунлы өткериўи ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Ең әҳмийетлиси, Аралбойы балалары ҳәм руўхый, ҳәм физикалық шынығып, интеллектуаллық потенциалларын арттырып атыр.
Қашқадәрья ўәлаятындағы «Лочин» балалар саўалландырыў орайында дем алыў мақсетинде Қарақалпақстаннан жолға шыққан 200 мектеп оқыўшылары байрамдағыдай күтип алынып, саўлатлы орай жайластырылды.
«Лочин» дем алыў орайында оларды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қашқадәрья ўәлаятлық кеңеси ҳәм Шахрисабз районы ҳәкимлигиниң жуўапкерлери салтанатлы түрде күтип алды. Дем алыў орны балалардың бийғам ойын-заўықлары менен және де пайызға толды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги