Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгинги ушырасыўымыздың барлық қатнасыўшыларын қутлықлағанымнан қуўанышлыман.

Ҳүрметли кәсиплеслеримниң сөзлерине қосылған ҳалда, Қырғызстан Президенти ҳүрметли Садир Нурқожаевичке шын жүректен қабыллағаны ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, Мәсләҳәт ушырасыўына биринши мәрте қатнасып атырған Сердар Гурбангулиевичти көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Бүгин бир неше мәрте атап өтилгениндей, бул форматта алып барылып атырған сөйлесиў себепли дослық ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге, регионымызда пүткиллей жаңа конструктивлик бирге ислесиў орталығын жаратыўға еристик.

Орайлық Азияның қәўипсизлигин ҳәм турақлылығын, социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бойынша қыйын ўазыйпаларды избе-из шешип киятырмыз.

Бул бағдарда көплеген тосқынлықлар сапластырылды, пуқараларымыздың еркин ҳәрекетлениўи, жедел мәдений ҳәм туристлик алмасыўларды әмелге асырыўы ушын шараятлар жаратылды. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың өсиўине хызмет етип атырған қолайлы орталық қәлиплестирилди.

Тек ғана кейинги бес жылда регион ишинде товар алмасыўдың көлеми еки есеге артты.

Биз санаат кооперациясы бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўға да киристик, нәтийжели қосымша қун салығы шынжырларын жаратпақтамыз, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырмақтамыз.

Ең әҳмийетлиси – барлық унамлы өзгерислерди бизиң дос халықларымыз сезбекте.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Дүньядағы регионымызға тиккелей тәсир етип атырған қыйын жағдай бойынша бүгинги билдирилген пикир-усынысларды қоллап-қуўатлайман.

Халықаралық тәртиптиң ақыбетлерин алдыннан айтыў қыйын болған жедел трансформация процесслери бақланбақта. Биз глобал көлемде қарым-қатнас ҳәм исеним жетиспеўи артып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Жәҳән экономикасындағы кризисли жағдайлар күшейип атырғаны нәтийжесинде мәмлекетлеримиз дәстүрий логистика шынжырлары үзилиўи менен байланыслы машқалаға дус келмекте, инфляцияның импорты артпақта, азық-аўқат ҳәм энергетика  қәўипсизлигине болған қәўип-қәтерлер бир неше мәрте көбеймекте. Бундай шараятта Мәсләҳәт ушырасыўлары форматы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги және де артпақта.

Соны айрықша атап өтпекшимен, бүгин регионымыздың тынышлығы, турақлылығы ҳәм абаданлығы бирлигимизге, Орайлық Азияның улыўма мәплерин қорғаў бойынша қатаң илажлар көриўге таяр болыўымызға байланыслы.

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Көп қырлы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм әмелий регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде улыўма ҳәрекетлеримизди төмендеги әҳмийетли бағдарларға қаратыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Бириншиси – экономикалық бағдар. Таллаўлар соны көрсетпекте, унамлы өсим пәтлерине қарамастан, мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиў потенциалы толық иске қосылмай қалмақта.

Ҳәр қыйлы есап-санақларға бола, бүгинги күнде регион ишиндеги саўда үлесине еллеримиз арасындағы улыўма товар айланысының 5 процентинен 10 процентине шекемги бөлеги туўра келмекте.

Усы мүнәсибет пенен өз-ара саўданы хошаметлеўдиң жаңа түрлери ҳәм механизмлерин жедел енгизиўды усыныс етемиз.

Товар жеткерип бериўдиң қағыйдалары бирдейлестирилген ҳәм тәртип-қағыйдалар жеңиллетилген шегара аймақларында саўда зоналары системасын жаратыў солардың қатарына киреди.

Бул бағдарда үшинши мәмлекетлерден қымбат ҳәм бәрқулла да сапалы болмаған импорттың орнын өзимиздиң ислеп шығарыўшыларымыздың өнимлери есабынан толтырыў бойынша ҳәрекетлерди түсиниў ҳәм қоллап-қуўатлаў әҳмийетли.

Санаат кооперациясы бойынша қоспа жойбарларды алға қойыў және бир әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Бизнес топарларымыз регион мәмлекетлери  экономикаларының бәсекилиги жағынан үстинликлери ҳәм бир-бирин толықтырып турыўдан пайдаланған ҳалда, өндирис қуўатлықларын жаратыўдан мәпдар болып табылады.

Усы мүнәсибет пенен санаатты раўажландырыў миллий бағдарламалары тийкарында Орайлық Азияда локализациялаў ҳәм импорттың орнын басыў мәканын қәлиплестириў бойынша улыўма көзқарасларды ислеп шығыў үлкен әҳмийетке ийе.

Экономика тармақларын санластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыўды усыныс етемен. Бул өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў имканиятын береди.

Саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде аймақлар аралық тиккелей бирге ислесиў бағдарындағы потенциалдан кеңирек пайдаланыў ҳәм ҳәр жылы Орайлық Азия аймақлары форумын өткериўди жолға қойыўды усыныс етемиз.

Соның менен бирге, аймақтың инвестиция тараўындағы улыўма тартымлылығын арттырыў ушын бирден-бир қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыўға умтылыў зәрүр.

Қәдирли дослар!

Пурсаттан пайдаланып, жақында Өзбекстанның басламасы менен қабыл етилген БМШ Бас Ассамблясының Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясын қоллап-қуўатлағаныңыз ушын сизлерге миннетдаршылық билдиремен.

Бул басламаның даўамы сыпатында Ҳиндстан, Пакистан ҳәм Қытай базарларына шығыў ушын альтернатив транспорт коридорларын алға қойыў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Қәсиплеслеримниң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары бойынша билдирген усынысларын да қоллап-қуўатлайман.

Усы мәниде, еллеримизде жеткиликли муғдарда ислеп шығарылып атырған кең түрдеги азық-аўқат өнимлери менен халықты кепилликли тәмийинлеўдиң комплексли системасын биргеликте ислеп шығыў әҳмийетли, деп ойлайман. Бул, бәринен бурын, собықлы дән, май ҳәм азық-аўқатлық егинлер, таза ҳәм қайта исленген мийўе-овощ, гөш-сүт ҳәм көплеген басқа да өнимлер болып табылады.

Усы мәселелерде биз, биринши гезекте, Орайлық Азияның улыўма мәплеринен келип шыққан ҳалда, системалы жумысларды жолға қойыўымыз керек.

Екинши бағдар – экология тараўында ҳәр тәреплеме бирге ислесиў.

Бизиң «Орайлық Азия ушын «Жасыл» күн тәртиби» бағдарламасын қабыл етиў ҳаққындағы басламаларымызды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бул бағдарлама шеңберинде тийкарғы итибарды экономиканы зәҳәрли газ ийисинен жырақ етиў бойынша халықаралық миннетлемелерди орынлаў; альтернатив энергетика, бәринен бурын, суў, қуяш ҳәм самалдан электр алыўды жедел  раўажландырыў, электр энергиясын өз-ара жеткерип бериўди шөлкемлестириў; суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине қаратыўды усыныс етемиз.

Тән алыўымыз керек, «жасыл раўажланыў» мәселелеринде биз, тилекке қарсы, дүньяның жетекши регионларынан бираз арттамыз.

Узақ перспективада мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын тәмиийнлеў ушын ҳүкиметлеримизге бүгниги күнде қабыл етип атырған бағдарламаны әмелге асырыў бойынша Анық илажлар режесин таярлаўды тапсырыў зәрүр.

Гуманитарлық бағдарда мәденият, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында және улыўма тарыйхымызды терең үйрениў бағдарында бирге ислесиў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды күшейтиўди усыныс етемен. Булардың бәри дос халықларымыздың буннан былай да жақынласыўына хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Мәмлекетлеримизде Орайлық Азия мәденият, көркем өнер ҳәм кино фестивалын гезекпе-гезек өткерип барыўды усыныс етемиз.

Туризм тараўындағы бирге ислесиўимизди кеңейтиў имканиятларына айрықша итибар қаратпақшыман.

Арнаўлы туризм маршрутлары ҳәм өнимлерин ислеп шығыў, улыўма пиар-кампанияларды өткериў арқалы регион ишиндеги туризмди жедел хошаметлеп барыўымыз керек.

Усы мақсетте өз-ара туризм ағымларын кеңейтиў бойынша анық усынысларды таярлаў ушын қоспа экспертлер топарын дүзиўди усыныс етемиз.

Усы жылдың май айында Ташкент қаласында болып өткен Орайлық Азия жаслар форумының нәтийжели жуўмақларына айрықша тоқтап өтпекшимен.

Жасларымыздың көз-қараслары ҳәм умтылысларының уқсаслығына, олардың үлкен интеллектуаллық потенциалына және бир мәрте гүўа болдық. Олардың алдыңғы басламаларын, креатив көзқараслары ҳәм стартап жойбарларын буннан былай да ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр.

Гезектеги ушырасыўымыздағы жасларға байланыслы сиясаттың улыўма бағдарлары ҳаққында көп тәреплеме келисим таярлаўды усыныс етемиз.

Ҳүрметли дослар!

Қәўипсизлик тараўы – регионаллық бирге ислесиўимиздиң стратегиялық бағдары болып табылады.

Регионаллық қәўипсизлик бөлинбес ҳәм бәринен бурын, бизиң шериклигимиз қаншелли нәтийжели жолға қойылғанына байланыслы екенин атап өтпекшимен.

Усы мәниде, экстремизм ҳәм терроризм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафик сыяқлы дәстүрий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде әмелий бирге ислесиўимизди буннан былай да күшейтип барыўымыз зәрүр.

Көлеми барған сайын артып атырған Интернеттеги нызамсыз ҳәрекетлерге байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер айрықша итибар қаратыўымызды талап етпекте.

Бүгин бул қәўип-қәтерлер жолында ҳеш қандай шегара жоқ – олар мобиль телефонлар арқалы кирип келмекте.

Тилекке қарсы, Өзбекстанда жақында жүз берген аянышлы ўақыялар бизиң режелеримизди бузыўға, регионымызда турақсыз жағдайды жүзеге келтириўге урынып атырған бузғыншы күшлер бар екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Усы мүнәсибет пенен бул бағдарларда регион еллериниң Қәўипсизлик кеңеслери ҳәм арнаўлы хызметлери басшыларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин жолға қойыў усынысын қоллап-қуўатлаймыз.

Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлықты тәмийинлеўге ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўине көмеклесиў мәселелери тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў, биз ушын ең әҳмийетли бағдар болып қалыўы керек.

Биз усы елдиң ең жақын қоңсылары сыпатында бул жердеги турақлылықтан биринши гезекте өзимиз мәпдар болыўымыз зәрүр. Бул машқала халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қалай қабыл етилиўи де көп жағынан өзимизге байланыслы.

Сондай-ақ, усы мәмлекет пенен саўда байланысларын жедел раўажландырыў, оны регионымыздағы экономикалық процесслерге тартыў, аўған халқына гуманитарлық жәрдемди кеңейтиў, әҳмийетли социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў тәрепдарымыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгинги саммитимиздиң ең әҳмийетли нәтийжеси, Орайлық Азияның тынышлығы ҳәм турақлы раўажланыўы жолында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўге қаратылған салмақлы ҳүжжетлер топламы қабыл етилип атырғанына гүман жоқ.

Кәсиплеслеримниң пикирине қосылған ҳалда, Мәсләҳәт ушырасыўы нәтийжелери еллеримиз арасында стратегиялық шериклик ҳәм исенимди беккемлеўге хызмет етеди, әмелий бирге ислесиў бойынша қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў ушын күшли пәт бағышлайды, деп исеним билдиремен.

Итибарыңыз ушын рахмет.