Нөкис қаласында 2022-2023-жыллар даўамында Инвестициялық бағдарлама тийкарында улыўма муғдары 1 триллион 114 миллиард 603 миллион сумлық 164 жойбарды иске түсириў нәтийжесинде, 3076 жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген.

Соннан, мәмлекетлик инвестициялық бағдарлама шеңберинде, 341 миллиард 894 миллион сумлық 2 жойбар, 120 жумыс орны, аймақлық инвестициялық бағдарлама шеңберинде 1 триллион 114 миллиард
32 миллион сумлық 153 жойбар, 2401 жумыс орны, ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен қәлиплестирилген жойбарлар шеңберинде, жәми 229 миллиард 541 миллион сумлық 9 жойбар, 555 жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген.

– Быйыл 6 ай даўамында улыўма баҳасы 80 миллиард 26 миллион сумлық 57 жойбардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 363, соннан, 181 жаңа ҳәм 182 қосымша жумыс орынлары жаратылды,-дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлиминиң баслығы О.Ойбеков. – Соннан, санаат тараўында 16,4 миллиард сумлық 3 жойбар, аўыл хожалығы тараўында 41,8 миллион сумлық 1 жойбар, хызмет көрсетиў тараўында 63,5 миллиард сумлық 53 жойбар әмелге асырылды.

«Imzo» компаниясы 2021-жылдан Нөкис қаласында өз хызметин кеңейтиўди режелестирген еди. Сонлықтан, қалада «AKFA ASSEMBLY» ЖШЖ тәрепинен баҳасы 6,0 миллион долларлық, 240 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Пластик айна ҳәм есик ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» жойбары 2022-жыл 30-июль күни иске түсирилиўи режелестирилди.

Кәрхана жылына 78000 кв.м. алюминий ҳәм 190000 кв.м. ПВХ өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Жойбарды әмелге асырыў ушын Нөкис қаласы ҳәкиминиң тийисли қарары тийкарында 4,0 гектар жер майданы ажыратып берилген ҳәм 2,0 млн. долларлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, усы жер майданға инженерлик-коммуникациялық (суў ҳәм газ тармағы) тармақлар толық тартылған.

Ҳәзирги күнде жойбар толық әмелге асырылып, иске түсирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының 2022-2026-жылларға бағдарланған инвестициялық бағдарламасын тастыйықлаў ҳәм инвестиция жойбарларын басқарыўдың жаңаша усылы менен механизмлерин енгизиў ҳаққында»ғы қарары менен Нөкис қаласында 3,1 млн. доллар муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлерин өз мүддетинде өзлестириў белгиленген.

Соның менен бирге, Президентимиздиң 2022-жыл 24-январь күнги өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларға муўапық,  Нөкис қаласының бар потенциалынан келип шығып, қосымша
78,0 млн. долларлық тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлериниң өзлестирилиўин тәмийинлеў мақсетинде бир катар илажлар көрилмекте.

Нөкис қаласында быйыл қосымша 6 жойбар есабынан 72,0 млн. доллар болған тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлериниң өзлестирилиўи режелестирилген.

Соның менен бирге, 2022-жылы 11 млн. 475 мың долларлық болған өнимлерди экспортқа шығарыў белгиленген.

Соннан, январь-июль айларында реже бойынша 7475,0 мың долларлық, әмелде 10298,0 мың долларлық өним экспорт етилди. Ал, өндирислик тараўында реже бойынша 7202,0 мың долларлық, әмелде 10 207,3 мың долларлық өним экспортқа шығарылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги