Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 4-июль күнги ишки базарларды тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери менен системалы түрде толықтырып турыў ҳәм баҳалардың турақлылығын сақлаўды тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққындағы қарарына муўапық, орынларда саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарында азық-аўқат өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмарка ушын 18 саўда орны таярланып, овощь, мийўе, палыз өнимлери, гөш, картошка, гешир, капуста, пияз, помидор, мәйек, ақ май сыяқлы күнделикли пайдаланылатуғын өнимлер арзанлатылған баҳада сатылыўы жолға қойылды.

Усы қарар менен Нөкис қаласындағы орайлық дийқан базарында ҳәм орынларда шөлкемлестирилген ярмаркаларға күнделикли түрде гөш,  картошка, пияз, гешир ҳәм басқа да жәми 252 тонна овощь, мийўе  өнимлери жеткерип бериледи.

– Ярмаркада мәйек 800, картошка 3600 сумнан екен, Жаңа бир лоток мәйек, картошка сатып алдым. Енди пияз, ақ май сатып алажақпан. Усындай етип ярмарка шөлкемлестирип, күнделикли керекли затларды арзан баҳада сатыў жолға қойылғаны ушын миннетдармыз,-дейди М.Абдижамилова.

Ярмарка бир ай даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.