Бүгинги күнде республикамыздағы тоқымашылық пенен байланыслы 8 кәрхана 43,8 мың тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлылығына ийе.

Усы кәрханаларда ҳәзирги ўақытта 3 мың 300 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленген болып, быйыл 6 ай даўамында, жәми 14,4 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарылып, 22,3 миллион долларлық өнимлер экспорт етилген.

– Ири тоқымашылық санааты кәрханаларының өндирислик көлемин арттырыўға ерисиў ушын бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң аймақлық санаатты раўажландырыў бөлиминиң бас қәнигеси А.Орынбетова.

Атап айтқанда, 2022-жылдың январь-июнь айларында «Әмиўдәрья текс» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен 1446 тонна ийирилген жип ислеп шығарылып, соннан 2921,1 мың долларлық 892,1 тонна ийирилген жип,  “Beruniy Textile Invest” ЖШЖ тәрепинен 1620 тонна 57,5 миллиард сумлық ийирилген жип ислеп шығарылып, соннан 6147,9 мың долларлық 1790 тонна ийирилген жип, «Кантекс инвест» ЖШЖ тәрепинен 3791,5 тонна 157,3 миллиард сумлық ийирилген жип ислеп шығарылып, соннан 5087,6 мың долларлық 2212 тонна ийирилген жип, “Beruniy Textile Invest” ЖШЖ тәрепинен 1620 тонна 57,5 миллиард сумлық ийирилген жип ислеп шығарылып, соннан 6147,9 мың долларлық 1790 тонна ийирилген жип экспорт етилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-майдағы «Республика аймақларында тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамызда усы тараўды раўажландырыў бойынша бар мүмкиншиликлерден утымлы пайдаланыў, соның менен бирге, халыққа жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Елликқала, Бозатаў, Төрткүл, Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласында тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўшы цехлардың қурылыўы режелестирилген.

Соннан, Бозатаў районындағы «Боз-текс» ЖШЖ, Мойнақ районындағы «Мойнақ порлоқ текстил» ЖШЖ, Қанлыкөл районындағы «Камилахан текстиль инвест» ЖШЖ, Тахтакөпир районындағы «Барно-текстиль-плюс» ЖШЖ, Елликқала районындағы «Чамантекс» ЖШЖ кәрханалары өз жумысларын баслады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги