Соңғы жылларда мәмлекет тәрепинен елимиздиң экономикалық жақтан раўажланыўын тәмийинлеў арқалы, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық әҳмийеттеги илажларды әмелге асырыў арқалы жәрдемге мүтәж инсанларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул жумыслардың нәтийжели әмелге асырылыўында Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилип, әмелге асырылып атырған жумыслар үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылдың биринши ярым жыллығының жуўмағы, макроэкономикалық көрсеткишлер, санаат тармағының раўажланыўы, сыртқы саўда ҳәм киши бизнес көрсеткишлери, соннан, макроэкономикалық көрсеткишлер қай дәрежеде екенлигин билиў мақсетинде биз Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары А.Шамуратов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Республикамыздың ҳәзирги экономикалық жағдайы қай дәрежеде?
– Қарақалпақстан Республикасында социаллық-экономикалық раўажланыўдың белгиленген прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.
Атап айтқанда, жалпы аймақлық өнимниң көлеми 2022-жылдың биринши ярым жыллық жуўмағында 13,0 триллион сумды, өсим пәти 103,5 процентти қурады.
Биринши ярым жыллықта санаат өнимлерин ислеп шығарыў 8864,8 миллиард сумды қурап, өсим пәти 100,5 процентти, соның ишинде, аймақлық санаат кәрханалары тәрепинен 6504,6 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, жәми санааттағы үлеси 73,3 процентти, халық тутыныў товарлары 1425,1 миллиард сумды, өсим пәти 111,6 процентти, аўыл хожалығы өнимлери 3727,7 миллиард сумды, өсим пәти 103,3 процентти, инвестициялар 4175,9 миллиард сумды, өсим пәти 123,2 процентти, қурылыс жумыслары 2546,0 миллиард сумды, өсим пәти 105,6 процентти, усақлап сатыў айланбасы 4439,7 миллиард сумды, өсим пәти 107,8 процентти, хызметлер жәми 4715,1 миллиард сумды, өсим пәти 116,2 процентти қурады.
Халықтың турмыс дәрежесиниң төменлеўине жол қоймаў, жан басына туўра келетуғын әҳмийетли өним ҳәм хызметлердиң төменлеўиниң алдын алыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, биринши ярым жыллықта халықтың жан басына есаплағанда, жалпы ишки өним 6674,4, санаат өнимлери 4533,4, халық тутыныў товарлары 728,8, аўыл хожалығы өнимлери 1906,3, инвестициялар 2135,6, қурылыс жумыслары 1302,0, усақлап сатыў 2270,5, хызметлер 2411,3 мың сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде артты.
– Быйылғы жылдың ақырына шекем бул көрсеткишлер қай дәрежеде болыўы мүмкин?
– Жыл жуўмағында өсим пәти жалпы ишки өним бойынша 106,1, санаат өнимлери бойынша 105,4, аймақлық санаат өнимлери бойынша 105,7, халық тутыныў товарлары бойынша 105,0, аўыл хожалығы бойынша 103,1, қурылыс жумыслары бойынша 108,0, усақлап сатыў айланбасы бойынша 109,5, хызметлер көлеми бойынша 151,1 процентке артыўы күтилмекте.
Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын барлық мүмкиншиликлерге ийемиз.
– Санаат тармақларының раўажланыў көрсеткишлери, көлеми қай дәрежеде?
– Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылдың январь-июнь айларының жуўмағы бойынша, жәми 3583 санаат кәрханалары дизимнен өтти. Соның 3383 и ҳәрекетте болып, олардың 33 и ири, 3350 и киши кәрхана ҳәм микрофирмалар болып есапаланады.
Алты ай даўамында республикамызда 455 санаат кәрханасы жаңадан шөлкемлестирилди.
Республика санаатында январь-июнь айларында ҳәрекеттеги баҳада 8864,8 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 100,5 процентти қурады. Санаат өнимлери халықтың жан басына есаплағанда 4533,4 мың сумнан туўра келмекте.
– Аймақлық санаат қалай раўажланбақта?
– Республикамызда бул мәселеге үлкен итибар қаратылмақта. Аймақлық санаат өнимлериниң көлемин арттырыў ҳәм түрлерин көбейтиў бойынша әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде республикамыздың санаатында аймақлық кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң салмағы жылдан-жылға артып бармақта.
Атап айтқанда, 2022-жылдың январь-июнь айларының жуўмағы бойынша аймақлық санаат кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 6501,6 миллиард сумды, оның республика санаатындағы үлеси 73,3 процентти қурады. Аймақлық санаат өнимлери халықтың жан басына есаплағанда 3224,9 мың сумнан туўра келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы санаатында аймақлық қарамағында 15 ири, 3320 киши кәрхана ҳәм микрофирмалар бар. Аймақлық санаат өнимлерин ислеп шығарыўда ири санаат кәрханаларының үлеси 76,9 процентти (4999,6 млрд.сум) қураған. Соның ишинде, “UZ-KOR GAS CHEMICAL” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен 4429,2 миллиард, “Kanteks invest” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен 157,8 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған.
– Мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжелери туўралы мағлыўмат берсеңиз?
– Социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары бойынша 2022-2023-жылларда республикамызда, жәми баҳасы 4165,7 миллиард сумлық 290 жойбар ҳәм 10283 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген болып, быйыл январь-июнь айларында 64 жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 182,2 миллиард сумлық инвестициялар өзлестирилип, 1429 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Атап айтқанда, Беруний районындағы “Beruniy Bug’doy Klaster” ЖШЖ тәрепинен баҳасы 29,9 миллиард сумлық инвестициялар өзлестирилип, ун заводын шөлкемлестириў жойбары иске түсирилди ҳәм 65 жаңа жумыс орны жаратылған. Буннан басқа, «Нөкис текс» ЖШЖ тәрепинен 5,5 миллиард сумлық инвестициялар өзлестирилип, шебень (шағыл тас) ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша жойбар иске түсирилип, 9 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Тақыятас районында “Albase” ЖШЖ тәрепинен 2,0 миллиард сумлық инвестиция есабынан минерал төгин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша жойбар әмелге асырылған болып, 10 жаңа жумыс орны, Нөкис районында “Toremurat Best Tamarqa Xizmeti” ЖШЖ тәрепинен 2,2 миллиард сумлық инвестиция есабынан дән өнимлерин қайта ислеўди шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылып, 3 жаңа жумыс орны, Қараөзек районында “Yusuf Kenjebay” ЖШЖ тәрепинен, жәми 5,6 миллиард сумлық инвестиция есабынан шебин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша жойбар әмелге асырылып, 10 жаңа жумыс орны жаратылды.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
– Кәрханаларды локализациялаў ҳәм оның нәтийжелери қалай болмақта?
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 26-декабрьдеги «Әмелдеги өндиристи кеңейтиў ҳәм санаат өнимлериниң жаңа түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша» комиссия мәжилисиниң протоколына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылдың 6 айында 23 кәрхана тәрепинен 148 миллиард сумлық локализацияланған кәрханаларда санаат өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген болып, әмелде 199,6 миллиард сумлық өнимлер ислеп шығарылған.
Соннан, химия санааты бойынша 8 жойбарда 29,3 миллиард, қурылыс материаллары санааты бойынша 7 жойбарда 121,3 миллиард, азық-аўқат санааты бойынша 1 жойбарда 4,1 миллиард, фармацевтика санааты бойынша 3 жойбарда 36,8 миллиард, былғары-аяқ кийим санааты бойынша 1 жойбарда 7,8 миллиард, басқа санаат түрлеринде 3 жойбар бойынша 267,5 миллион сумлық импорттың орнын басыўшы локализацияланған өнимлер ислеп шығарылған.
Атап айтқанда, “Gold-Sandwich” ЖШЖ қоспа кәрханасында баҳасы 175 миллиард сумлық 852,7 п.м. сэндвич панелин ислеп шығарыў режелеестирилген болып, әмелде баҳасы 243,4 миллиард сумлық 1188,1 п.м. өнимлердиң ислеп шығарылыўына ерисилди.
“TO’RTKO’L SHISHA IDISHLARI” ЖШЖ кәрханасында баҳасы 13,3 миллиард сумлық 6,7 мың тонна азық-аўқат ҳәм медицина санаатында қолланылатуғын шийше ыдысларды ислеп шығарыў режелестирилген болып, әмелде баҳасы 16 миллиард сумлық 6,9 мың тонна өним ислеп шығарылыўына ерисилди.
“Ustyurt sodium sulfat” ЖШЖда экспортта жоқары талапқа ийе болған баҳасы 8,9 миллиард сумлық 6 мың тонна натрий сульфат ислеп шығарылыўы режелестирилген болып, әмелде баҳасы 10 миллиард сумлық 6,7 тонна өним ислеп шығарылды.
Сондай-ақ, ДСП ҳәм ЛДСП өнимлери, шуруп, сэндвич панель, суйық шийше ҳәм агломерат сыяқлы импорттың орнын басыўшы, ҳәзирги шараятта ишки базар тәмийнатында әҳмийетли орын ийелеген өнимлерди ислеп шығарыў да өзлестирилди.
Быйылғы жылдың жуўмағы менен локализациялаў бағдарламасына муўапық, 41 жойбар тәрепинен 479,1 миллиард сумлық импорттың орнын басыўшы өним ислеп шығарыў режелестирилген.
– Республикамыз тәбийғый газ қорларына бай аймақлардың қатарына киреди. Бизде нефть-газ санаатының раўажланыўы қай дәрежеде?
– Республикамызда химия санааты тараўы бойынша бүгинги күнде 105 кәрхана жумыс ислеп турыпты. 2022-жылдың январь-июнь айларында 4,7 триллион сумлық өним ислеп шығарылған. Жәми санааттағы үлеси 53,1 процентти қурайды.
Соннан, ири кәрханалардың бири болған “Uz-Kor Gas Chemical” ЖШЖ көринисиндеги қоспа кәрхананың Сүргил газ-химия комплекси кәрханасы жылына 400 мың тонна полиэтилен, 100 мың тоннаға шамалас полипропилен ҳәм 102 мың тонна пиролиз дистиллятын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
Усы кәрханада 6 ай даўамында жәми 4,4 триллион сумлық өним ислеп шығарылған болып, соннан 764,3 миллиард сумлық 42,3 мың тонна полипропилен, 1669,2 миллиард сумлық, 150,2 мың тонна полиэтилен, 28,5 миллиард сумлық 44,3 мың тонна жеңил нефть дистиллятлары ислеп шығарылған.
Буннан басқа, кәрхана тәрепинен 5,1 миллиард сумлық 178,8 миллион кВтс. Электр энергиясы ислеп шығарылған.
Кәрхана тәрепинен усы дәўирде жәми 127,3 миллион долларлық полиэтилен ҳәм полипропилен өнимлери экспорт етилген.
Ал, “Qung’irot Soda Zavodi” ЖШЖда 248,8 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған. Соннан, 752,8 миллиард сумлық 6,3 мың тонна динатрий карбонаты ҳәм 3,7 миллиард сумлық 123,1 мың тонна ҳәк тасы өнимлери ислеп шығарылған.
– Республикамызда пахта көплеп егиледи, сондай-ақ, шарўашылықтан алынатуғын тери ҳәм жүн шийки заты да аз емес. Жеңил санаатты раўажландырыўда жаратылған қолайлықлардан қалай пайдаланылмақта?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-майдағы «Республика аймақларында тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 16-сентябрьдеги «Жеңил санаатты буннан былай да раўажландырыў ҳәм таяр өнимлерди ислеп шығарыўды хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық, республикамызда жеңил санаат тараўында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
2022-жылдың январь-июнь айларында республикамызда, жәми 440 жеңил санаат кәрханалары ҳәм 11 былғары өнимлерин ислеп шығарыў кәрханалары жумыс иследи. Соның 8 и ири ҳәм 432 си киши кәрханалар болып есапланады.
Аймақ қарамағындағы кәрханалардың саны 415 ти қурайды.
Жеңил санаат кәрханалары тәрепинен 2022-жылдың январь-июнь айларында жәми 1317,9 миллиард сумлық (өсим пәти 132,4 процент) жеңил санаат өнимлери ислеп шығарылған.
Жеңил санаат тармағында ислеп шығарылған өнимлер көлеминиң жәми санааттағы үлеси 14,9 процентти қурайды ҳәм усы тараўда 6873 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.
– Республикамыздағы экспорт мүмкиншиликлерин буннан былай да кеңейтиў, мобилизациялаў, экспортқа жеткерип бериў географиясы ҳәм өнимлер түрин диверсификациялаў ҳаққында мағлыўмат берсеңиз?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-декабрьдеги «Экспортқа көмеклесиў ҳәм оны хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-майдағы «Экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде республикамызда сырт ел инвесторларының қатнасыўында 182 қоспа кәрхана бар. Қоспа кәрханалардың 60 тан асламы экпортшы кәрханалар болып есапланады.
2022-жылдың январь-июнь айларында республикамыздың сыртқы саўда айланысы 303,6 миллион АҚШ долларын қураған.
Быйыл 6 ай даўамында, жәми экспорт көлеми 188,8 миллион долларды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 85,5 процентти, ал импорт 114,8 миллион долларды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,9 процентти қураған. Сальдо 73,9 миллион долларды қурап, унамлы нәтийжеге ерисилген.
– Инвестициялық бағдарламаға киргизилген объектлерди қурыў, модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў бойынша илажлар қалай әмелге асырылмақта?
– 2022-жылдың январь-июнь айларында барлық дәреклер есабынан 4 триллион 175,8 миллиард сумлық инвестиция өзлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 123,2 процентти қураған.
Өзлестирилген усы инвестициялардың 439,4 миллиард сумы бюджет қаржылары, 46,0 миллиард сумы бюджеттен тысқары фонд қаржылары, 101,0 миллиард сумы раўажландырыў ҳәм реконструкциялаў фондының қаржылары, 409,5 миллиард сумы ҳүкимет кепиллиги астындағы сырт ел инвестициялары ҳәм кредит қаржылары, 1285,3 миллиард сумы кәрханалардың өз қаржылары, 305,0 миллиард сумы коммерциялық банклердиң кредитлери, 953,6 миллиард сумы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлери, 628,3 миллиард сумы халық қаржылары, 199,7 миллиард сумы жергиликли бюджет қаржылары, 17,7 миллиард сумы басқа қаржылардың есабынан әмелге асырылған.
Бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Сәўбетлескен: Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги