Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 5-июль күнги «Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен Қарақалақстан Республикасы халқының пайдаланыўы ушын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин үзликсиз ҳәм системалы жеткерип бериў есабынан базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында орынларда әмелге асырылып атырған илажлар даўам етпекте.

Усы мәжилисте Қарақалпақстан Республикасының арқа районларына бириктирилген ўәлаятлардан, жәми 9540 тонна тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў ҳәм соның есабынан базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Усыған муўапық ўәлаятлар бириктирилген районлардағы дийқан базарлары ҳәм белгиленген аймақларда арнаўлы саўда орынлары шөлкемлестирилип, ўәлаятлардан алып келинген азық-аўқат өнимлериниң сатылыўы жолға қойылды.

Бүгинги күнге шекем ўәлаятлардан 6064 тонна азық-аўқат өнимлери алып келинди.

Соның ишинде, 1290,9 тонна картошка, 883,1 тонна пияз, 646,9 тонна гешир, 531,3 тонна овощ, 283,9 тонна мийўе, 592,2 тонна палыз, 118,5 тонна собықлы өнимлер, 58,6 тонна жүзим ҳәм жәми 1658,7 тонна ун, өсимлик майы, гүриш, макарон сыяқлы басқа да өнимлер жеткерип берилди.

Атап айтқанда, Самарқанд ўәлаятынан Нөкис районына 838,3, Сурхандәрья ўәлаятынан Тақыятас районына 504,5, Ферғана ўәлаятынан Бозатаў районына 199,4, Әндижан ўәлаятынан Кегейли районына 501,3, Ташкент ўәлаятынан Мойнақ районына 174,7, Наўайы ўәлаятынан Шымбай районына 291,9, Наманган ўәлаятынан Қараөзек районына 399,2, Жиззақ ўәлаятынан Тахтакөпир районына 383, Қашқадәрья ўәлаятынан Қоңырат районына 229, Бухара ўәлаятынан Хожели районына 525,2, Хорезм ўәлаятынан Шоманай районына 802,2, Сырдәрья ўәлаятынан Қанлыкөл районына 217,7, Ташкент қаласынан Нөкис қаласына 143,1 тонна азық-аўқат өнимлери алып келинип, ярмаркалар шөлкемлестирилди.

Ярмаркалар даўам етпекте

Қарақалпақстан хабар агентлиги