2022-жылдың 1-июнь күнинен баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жумыс ислеп турған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызметкерлериниң жумысқа келип кетиўин есапқа алыў ҳәм тәрбияланыўшылардың қатнасын белгилеп барыў шахсты биометрикалық идентификациялаў технологиясы арқалы есапқа алына баслады.
– Ҳәзирги ўақытта мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған тәрбияланыўшылардың ата-аналары тәрепинен төленетуғын төлемлер электрон система арқалы әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниң финанслық-экономикалық жумыслар бойынша орынбасары Т.Аминов. – Олар мобиль қосымша жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң «Балалар бақшасы» мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин басқарыў мәлимлеме системасында есапқа алынып барылады.
Онда шөлкемлердиң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша келисимлери электрон тәризинде дүзилип, тәреплердиң электрон санлы қолтаңбалары менен тастыйықланады.
Ажыратылатуғын субсидиялар ҳәм компенсациялардың муғдары, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тәмийнаты ҳәм басқалар автомат түрде есаплап шығылады.
Шөлкемлерге субсидиялардың муғдары тек ғана шахсты биометрикалық идентификациялаў технологиялары арқалы жәмленген электрон мағлыўматлар тийкарында МШБШ ларды басқарыў мәлимлеме системасында есапланады. Булар 2022-жылдың 1-июль күнинен баслап қәлиплестирилген электрон буйыртпа ҳәм есабатлар тийкарында төлениўи режелестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги