Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының режеси бойынша, тараў хызметкерлери тәрепинен республикамыз бойынша 2022-жыл даўамында 21 мың 328 жумысшының жумысын рәсмийлестириў белгиленген.
Усы күнге шекем республикамыздағы, жәми 4208 кәрханада рәсмий емес түрде жумыс ислеп атырған 8064 хызметкердиң жумысларын рәсмийлестириўге ерисилген.
Буны тараўлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, 627 саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларында жумыс ислеп атырған 1113 пуқара, 2622 өндирислик кәрханаларында ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жумыс ислеп атырған 5261 пуқара, 133 қурылыс кәрханаларында жумыс ислеп атырған 306 пуқара, 960 аўыл хожалығы тараўында жумыс ислеп атырған 1384 пуқара рәсмийлестирилди.
– Мен Шымбай районындағы Бухгалтериялық орай ЖШЖда келисим тийкарында жумыс ислеп атыр едим. Жақында салық бөлиминен хызметкерлер келип, жумысларымызды үйренип шықты,-дейди Шымбай районында жасаўшы пуқара Ҳүрлиман Раметуллаева. – Соның ишинде, мениң жумысларым менен де танысып, рәсмий түрде жумыс ислеўим ушын жәрдем көрсетилди.
Алдын қолдан 500 мың сум айлық алатуғын едим, жумысым легалластырылғаннан кейин ведомость бойынша 925 мың сум айлық алатуғын болдым. Усы мәселелерди үйренип, биздей инсанларға жәрдем көрсетип атырғаны ушын миннетдармыз. Себеби, жағдайларымыз жақсыланбақта, тийисли салықлар усланып қалынбақта, бул, әлбетте, келешекте напақаға шыққанымызда жәмдемин береди, деп ойлаймыз.
Бундай илажлар жумыс ислеп атырған пуқаралардың жумысларының рәсмий түрде, шәртнама тийкарында, белгиленген нызамшылықлар бойынша нызамлы жүргизилиўине мүмкиншилик жаратып, олардың жумысларының легалластырылыўы, ҳуқықларының қорғалыўы, айлық мийнет ҳақыларының дурыс есапланыўы, ҳәр қыйлы социаллық қолайлықларға ийе болыўы ушын хызмет етеди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги