Қутырыў –инсан өмирине қәўип туўдырыўшы оғада қәўипли вируслы жуқпалы зооноз, яғный,  ҳайўанннан адамға жуғатуғын кеселлик болып табылады. Бул кеселликтиӊ тийкарғы дәреги усы кеселликке шатылған ҳайўанлар болып, оған барлық ҳайўанлар да ушыраўы мүмкин. Кеселликти көбирек қараўсыз қалған қаӊғымай ийтлер, пышықлар, сондай-ақ, қасқыр ҳәм түлкилер тарқатады. Кеселликке шатылған ҳайўанлардыӊ адамды тислеўи, тырнаўы арқалы оныӊ силекейинен адамға жуғады.

Соныӊ менен бирге денеге, көз, мурын, аўыз, тамақ силекей қабатларына кеселликке ушыраған ҳайўанныӊ силекейи тийиўи нәтийжесинде жуғады.

Бунда силекей арқалы жуққан вирус нерв системасы арқалы бас мий тәрепке ҳәрекет етеди ҳәм көбейип, олардыӊ исиниўине алып келеди. Вируслар бас мий клеткаларына жетип келгенше кеселлик белгилери жүзеге шықпайды, яғный, кеселлик жасырын өтеди. Бул дәўир кеселликтиӊ жасырын дәўири делинеди. Бул ҳайўанныӊ тислеген жерине қарай көбинесе 1-3 ай, арасында 1 ҳәптеден 1 жылға шекем созылыўы мүмкин.

Наўқас адамда бул кеселликтиӊ дәслепки белгилери сыпатында, дене ыссылығыныӊ көтерилиўи, ҳәлсизлениўи, денесиниӊ қақсап аўырыўы, питип кеткен жараныӊ орныныӊ қышыўы ҳәм аўырсыныўын айтып өтсек болады. Соныӊ менен бирге наўқас руўхый түскинликке түсип бийтақатланады, уйқысы қашады. Кеселликтиӊ еӊ аўыр дәўиринде наўқастыӊ көзине қорқынышлы нәрселер көринип, ҳәрекети күшейеди, дем алыўы қыйынласып, ҳаўа жетпейди. Жутқыншақ булшық етлериниӊ тартылыўы нәтийжесинде наўқас жутына алмайды, аўзынан жүдә көп муғдарда силекей аға баслайды. Суўдан қорқыў жағдайы бақланып, ол суў ише алмайды. Сондай-ақ, ол ҳаўадан да қорқыўы мүмкин. Нәтийжеде наўқастыӊ жүрек ҳәм дем алыў ағзалары истен шығып, өлим ҳалаты жүз береди.

Кеселликтиӊ алдын алыў ушын наўқас ҳайўан тислеп алған жерин ағып турған суў менен, соӊынан сабынлы суў менен 15 минут жуўыўы керек. Оннан кейин тез арада шыпакерге хабарласып, қутырыўға қарсы вакцина салдырыўыӊыз керек. Егер көшеде ийесиз жүрген ийт-пышықлар жүрсе, тез арада ветеринария хызметкерлерине хабарлаў лазым.

Айгүл Артықбаева,

Нөкис қалалық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиӊ шыпакери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги