Вируслы гепатит А кеселлигиниӊ алдын алыўда вакцинаныӊ әҳмийети
Вируслы гепатит кеселлиги халық арасында «сары аўырыў» кеселлиги деп те аталады. Гепатит кеселлигиниӊ А, В, С, Д, Е түрлери болып, оларды вируслар шақырады. Кеселликтиӊ түрлери жуғыў жолларына қарай түрли жастағы адамлар арасында ушырасады. Вируслы гепатиттиӊ А, Е түри тийкарынан балалар ҳәм жас өспиримлер арасында көбирек дизимге алынса, В, С, Д түрлери ересек адамлар арасында көбирек дизимге алынбақта.
Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиӊ берген мағлыўматына қарағанда вируслы гепатит А кеселлиги менен ҳәр жылы 1,5 миллион жағдай дизимге алынады. 2016-жылы усы кеселлик пенен жер жүзинде көплеген адамлар қайтыс болған. Ҳәзирги күнде вируслы гепатит А ға қарсы нәтийжели тәсир етиўши вакцина болып, жоқары иммуногенлик қәсийетке ийе. Вакцина менен өз ўақтында шаншылыўы тек ғана кеселликтен қорғап қоймастан, вирустыӊ сыртқы орталықтағы циркульяциясын азайтады. Республикада дизимге алынып атырған вируслы гепатиттиӊ 90 процентин гепатит А қурайды. Кеселлик ҳәр 3-4 жылда мәўсимлик дәўирде көбейип, 65-70 процент мектепке шекемги балалар наўқасланады.
Вируслы гепатит А кеселлиги усы аўырыў менен аўырған наўқаслар менен қатнаста болғанда, патас қоллар менен мийўелерди жуўмастан жегенде, ашық ҳәўизлерден қайнатылмаған суў ишкенде жуғады. Сондай-ақ, кеселликтиӊ белгилери сыпатында, денеде ҳәлсизлик, кеўил айныўы, қусыў, дене ыссылығыныӊ көтерилиўи, оӊ қабырға астында аўырыўдыӊ болыўы, сарылықтыӊ пайда болыўы, дәрет реӊиниӊ өзгериўи бақланады.
Бундай жағдайбақланса, наўқас кеминде 15 күн даўамында емлеўханада емленеди. Баўыр тоқымларыныӊ толық тиклениўи ушын 180 күн талап етилип, усы дәўир ишинде диеталы азық-аўқат өнимлерин қабыллаўы керек. Кеселликтиӊ алдын алыў ушын балаларға жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўди үйретиў, бармақларды, ойыншық ҳәм басқа да ҳәр қыйлы буйымларды аўызға салыў әдетлерин ислеўге жол қоймаў, қолларды сабынлап жуўыўға әдетлениў ҳәм қайнатылған суў ишиўи тийис.
Ҳәзирги ўақытта кеселликтиӊ арнаўлы профилактикасы болып вируслы гепатит «А» вакцинасы менен шаншыў кеселликтиӊ алдын алыўда нәтийжели шешим болып, емлениўге кеткен қәрежетиӊизди 40 есеге үнемлейди, 1 айлық ўақтыӊыз бийкар кетпейди. Балаӊыз ҳәм өзиӊиздиӊ руўхый түскинликке түсиўиӊиздиӊ алдын аласыз.
К.Есимбетова,
Нөкис қалалық Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығын сақлаў бөлиминиӊ шыпакери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.