Президентимиздиң 2020-жыл 31-декабрьдеги «Қәнигеликлерди баҳалаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм мийнет базарын қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында «Қәнигеликти баҳалаў орайы» иске түсирилди.
-Буны шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, заводты қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў болып табылады,-дейди орай басшысы Бахтияр Жалғашов.-Бул болса, хызметкерлерди жумысқа қабыл етиў, лаўазымын өзгертиў, разрядын көтериўде ашық-айдын ҳәм қалыс баҳалаўды тәмийинлейди.
Президентимиздиң басшылығында 2021-жыл 17-ноябрьде химия санаатында әмелге асырылып атырған жумысларды таллаў ҳәм жаңа жойбарларды додалаўға бағышланып өткерилген мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў мақсетинде кәрхана жанында «Арнаўлы оқыў орайы» ҳәм «Арнаўлы факультет» шөлкемлестириў режелестирилген. Кәрхана хызметкерлериниң ҳәр үш жылдан қәнигелигин арттырып барыўға хызмет ететуғын «Арнаўлы оқыў орайы»нда олар 4 бағдар бойынша шәрнама тийкарында оқытылады. Буннан тысқары, «Арнаўлы факультет»ке магистратура тәлим бағдары бойынша 4 бағдарда, ҳәр бир бағдар бойынша 3 қабыллаў квотасы бойынша талабанлар қабыл етиледи
Парўаз БАШЕРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги