Президентимиздиң басшылығында республикамыздың шетки аймақларының бири болған Мойнақ районын комплексли раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Буны Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының  Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылған жумыслар мысалынан көриўимизге болады. Қарарға муўапық, 2019-2021-жылларда жәми 27 триллион 828 миллиард 392 миллион сум инвестиция өзлестирилиўи есабынан 105 жойбарды әмелге асырыў арқалы 2179 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген еди.

Соннан 2019-2021-жылларда жәми 176 миллиард 712 миллион сум инвестиция өзлестирилиўи есабынан 78 жойбарды әмелге асырыў арқалы 451 жаңа жумыс орны жаратылды. Атап айтқанда, санаат тараўындағы жойбарлардың бири  «MOYNOQ MINERAL TUZI» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 40 миллиард сум болған экстра дузларын  ҳәм оларды қадақлаў ушын полипропилен қалталар ислеп шығарыў жойбары, хызмет көрсетиў тараўында «MOYNAQ METAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 3 миллиард 500 миллион сум болған автомобильлерге қысылған (метан) газ қуйыў шақапшасын шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды.

Қарарға муўапық 2019-2021-жыллар даўамында комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына 1 триллион 485 миллиард сум қаржы ажыратылыўы белгиленген болса, соннан жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша 6 объектте улыўма баҳасы 51 миллиард 430 миллион сумлық, электр тәмийнаты тараўындағы 4 объектте улыўма баҳасы 9 миллиард 289 миллион сумлық, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тәмийнатындағы 10 объектте  сметалық баҳасы 36 миллиард 869 миллион сумлық, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билим бериў тараўындағы 17 объектте сметалық баҳасы 57 миллиард 697 миллион сумлық, денсаўлықты сақлаў тараўына тийисли 9 объектте 13 миллиард 367 миллион сумлық, мәденият тараўындағы 6 объектте 29 миллиард 411 миллион сумлық, балалар спортын раўажландырыў қорының есабынан 4 объектте 16 миллиард 910 миллион сумлық ҳәм басқа да объектлерде қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылды.

Нәтийжеде район орайында қәнигелестирилген инновациялық мектеп, санитария-эпидемиологиялық орайы, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Ашық театр, спорт мектеби, жабық жүзиў бассейни, Жаслар орайы, аэропорт имаратларының қурылысы, мәденият бөлими имараты, футбол майданшасының реконструкциясы жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Соның менен бирге, «Қишлоқ қурилиш инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети инжиниринг компаниясы тәрепинен 20 көп қабатлы турақ жай қурылып, өз ийелерине тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.