Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Билимлендириў шөлкемлеринде билим алыў нийетиндеги ҳаял-қызлар ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў, олардың илимий потенциалы ҳәм маманлығын системалы арттырып барыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы пәрманына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап республикадағы барлық жеке меншик, сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде ҳаял-қызлардың төлемли-контракт тийкарында билим алыўы ушын жеңиллетилген шәртлерде тәлим кредитлерин қаржыландырыў мақсетинде коммерциялық банклерге Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыўдың жаңа системасы енгизилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
коммерциялық банклер Қаржы министрлиги тәрепинен жайластырылатуғын депозит қаржылары есабынан тәлим кредитлерин 14 процент ставкада ажырататуғыны;
тәлим кредитиниң тийкарғы бөлеги студенттиң рәсмий оқыў мүддети 7 жыл даўамында қайтарылатуғыны;
тәлим кредити бойынша процент ставкаларын сөндириў Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор)ның қаржылары есабынан, оларды коммерциялық банклерге төлеў арқалы әмелге асырылатуғыны;
тәлим кредитин рәсмийлестириўде ҳәм оның қайтарылыўында студенттиң турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа да үшинши шахс биргеликте қарыз алыўшы сыпатында қатнасыўға рухсат етилетуғыны;
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың ҳаял-қызларына ажыратылатуғын тәлим кредитлери ушын гиреў ҳәм кепилликлер талап етилмейтуғыны белгиленсин.
- Қордың қаржылары есабынан коммерциялық банклердиң сораўларына тийкарланып келешекте 14 процент ставкада тәлим кредитин ажыратыў ушын оларға 10 процент ставкада депозит қаржыларының жайластырылатуғыны;
Қор тәрепинен тәлим кредитлери ушын коммерциялық банклерге зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлеў ҳәм қадағалаў мақсетинде Қорға 1 Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң штат бирликлерин оптималластырыў есабынан ҳәм 1 Қаржы министрлигиниң улыўма штат бирликлери шеңберинде жәми 2 штат бирлигиниң ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры есабынан жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың төлемли-контракт тийкарында оқыўы ушын тәлим кредитлерин ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Қаржы министрлиги Қорға 2022-жылы қаржылардың Мәмлекетлик бюджет ҳәм мақсетли қорларының қаржылары, бюджетти қоллап-қуўатлап ушын тартылатуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет финанс шөлкемлериниң кредитлери, суверен халықаралық облигацияларды шығарыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан ажыратылыўын, 2023-жылдан баслап болса, Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 18-июль