Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 21-июль күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын Қырғызстанның Шолпаната қаласына барады.

Қырғызстан басшылығында өтетуғын саммит жумысында Қазақстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы ҳәм Түркменстан президентлери де қатнасыўы күтилмекте.

Регион мәмлекетлери жетекшилериниң ушырасыўы күн тәртибинен ҳәр қыйлы бағдарларда, соның ишинде, саўда, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, инновациялар, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризм, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери орын алған.

Айрықша итибар Орайлық Азияның турақлылығы ҳәм избе-из раўажланыўына заманагөй қәўип-қәтерлерге биргеликте қарсы турыў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылады.

Саммит жуўмағында бир қатар әҳмийетли көп тәреплеме ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларын өткериў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған еди.

Регион жетекшилериниң биринши саммити 2018-жыл март айында Нур-Султан қаласында, екиншиси 2019-жыл ноябрьде Ташкент қаласында, үшиншиси өткен жылдың август айында Түркменстандағы «Аваза» миллий туристлик зонасында болып өткен.

ӨзА