Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-июль күни рәсмий сапар менен елимизде болып турған Грузия Бас Министри Ираклий Гарибашвилиди қабыл етти.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўге байланыслы, бәринен бурын, транспорт ҳәм логистика, саўда, санаат кооперациясы тараўларында қоспа жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўдың перспективалары көрип шығылды.
Транзит потенциалын, соның ишинде, елимиз жүклерин тасыўда Поти ҳәм Батуми портлары инфраструктурасын нәтийжели иске қосыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Грузия аймағындағы еркин санаат зоналарында жаратылған қолайлы шараятларды есапқа алған ҳалда тоқымашылық, электротехника, азық-аўқат, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў ушын имканиятлар бар екени көрсетип өтилди.
Буннан тысқары, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў ҳәм туристлердиң ағымын көбейтиўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.
Еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди бунан былай да кеңейтиў бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
ӨзА