Халқымызды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, оның қәўипсизлигине ерисиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.

Аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермерлер ушын жаңадан жер ашыў, пайдаланыўдан қалған жерлерди қайта өзлестириў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, қыйтақ жерлерден утымлы пайдаланыў, зүрәәтлиликти көбейтиў, өнимлердиң сапасын арттырыў арқалы оның экспортлық мүмкиншиликлерин кеңейтиў ҳәм басқа да ўазыйпалар усылар қатарына киреди.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Аўыл-хожалығы министриниң  орынбасары Ерполат Еденбаев пенен сәўбетлесип, усы бағдардағы ҳәм аўыл-хожалығы тараўындағы басқа да әҳмийетли илажлар туўралы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Пайдаланыўдан қалған ҳәм жаңадан ашылған жерлерди аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын пайдаланыўға тапсырыў бағдарындағы илажлардың нәтийжелери қалай болмақта?

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы 415 мың гектарлық суўғарылатуғын жерге ийе. Соның 314 мың гектарына егин егиледи.

2019-2024-жылларда 91 мың гектар жерди оборотқа киргизиў белгиленген.

2022-жылы 12,8 мың гектар жерди пайдаланыўға киргизиў ҳәм усы майданларда баҳасы 7,1 миллиард сумлық 70 жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 357 километрлик ишки суўғарыў тармақларында оңлаў, тиклеў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 111,4 километрлик ишки суўғарыў тармақларында оңлаў, тиклеў жумыслары алып барылып, 1,3 мың гектар жер пайдаланыўға тапсырылды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

– Халыққа егислик жер ажыратыў мәселелери қалай шешилмекте?

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрь күнги «Мийўе-овощ ҳәм жүзим жетистириўде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, быйыл 1501 жерден пайдаланыўшылардың 3472 контурындағы 8110 гектар жер майданы таңлап алынды.

Усы жер майданлары 21578 лотларға бөлинип, орташа ҳәр бир лотқа 0,4 гектардан туўра келмекте.

Бүгинги күнде Министрлер Кабинетиниң қарары менен резервке қайтарып алынған жер майданлардан «E-AUKSION» электрон саўда платформасына 8101 гектарда 21 мың 32 лотлар ашық онлайн таңлаўға шығарылды.

Соннан, таңлаў жеңимпазлары 11754 лотқа 4119 гектар жер майданлары ажыратып берилди.

– Пахта атызлары ушын минерал төгинлердиң резервин жаратыў ҳәм пайдаланыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берсеңиз…

– 2022-жылғы пахта өними ушын бәҳәрги шигит егиў менен бирге, 300 килограмм есабынан 25887 тонна фосфорлы ҳәм 100 килограмм есабынан 8629 тонна калийли төгинлер жыллық норманың 100 процент берилиўи ҳәм азотлы минерал төгинлердиң 800 килограмм есабынан 69033 тоннасы биринши, екинши ҳәм үшинши культивациялаў менен азықландырыў режелестирилген.

Бүгинги күнде азотлы 76 процент, фосфорлы 58 процент ҳәм калийли 30 процент минерал төгинлер пахташылық кластерлери ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен резервке жәмленген болып, шигит егилген майданларда азықландырыў жумыслары алып барылмақта.

– Атызларды суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумыслары қай дәрежеде әмелге асырылмақта?

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған прогноз көрсеткишлер бойынша республикамыз районларында быйыл, жәми 17422 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў белгиленген.

Соннан, 17500 гектар майданда (12200 гектары пахта, 3318 гектары бағ, жүзим атызлары ҳәм басқа егинлерде) тамшылатып ҳәм 1904 гектар ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў режелестирилген.

Бүгинги күнде 12200 гектарлық пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумысларын қаржыландырыў ушын талапкерлер менен коммерциялық банклер арасында 6285 гектар жер ушын 152 миллиард сумлық кредит шәртнамалары рәсмийлестирилип, 5174 гектарында қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта 1000 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар иске түсирилди.

Ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў бойынша 1440 гектар майдан ушын коммерциялық банклерден 27,6  миллиард сумлық кредит қаржылары ажыратылып, ҳәзирги ўақытта 1903 гектар майданда қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланып, иске түсирилди.

– Тийкарғы егинлерден басқа, гүнжи, жүзим жетистириў, ыссыханалар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери туўралы мағлыўмат берсеңиз…

– Бүгинги күнде республикамызда 26,7 мың гектар майданда гүнжи егинлери толық егилип, тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта.

Гүнжини қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт етиў жумысларын системалы түрде әмелге асырыў ушын Төрткүл, Беруний, Қанлыкөл ҳәм Шымбай районларында 6 қайта ислеў кәрханалары жумыс ислеп турыпты.

Быйыл республикамыздағы бағлардан  68,5 мың тонна мийўе өнимлерин жетистириў ҳәм 1,7 мың тоннасын экспортқа шығарыў прогноз етилмекте.

Сондай-ақ, жәми 800 гектарлық майданда жаңадан мийўели бағлар жаратыў режелестирилген болып, бүгинги күнде 735 гектар (92%) майданға 634 мың түп мийўе нәллери егилди. Қалған орынлардағы нәл егиў жумыслары гүзги айларда даўам етеди.

Быйыл 16 мың тонна жүзим жетистириў ҳәм оның 1,5 тоннасын экспортқа шығарыў режелестирилмекте. Соның менен бирге, 1,8 мың гектар майданда жаңа жүзим атызларын жаратыў режелестирилген болып, бүгинги күнде 650 гектар (36%) майданға 966 мың түп жүзим нәллери отырғызылды ҳәм 572 гектар жарамсыз жүзим атызлары реконструкцияланды.

Ыссыханалар бойынша 293,1 миллиард сумлық (87,6 миллиард сумы өз қаржысы, 26,7 миллиард сумы кредит, 10,8 миллион АҚШ доллары сырт ел кредит линияларынан ҳәм 5 миллион АҚШ доллары сырт ел инвестициялары есабынан) 26 жойбардың әмелге асырылыўы есабынан 41 гектар жерде жаңадан заманагөй ыссыханалар шөлкемлестириледи ҳәм 695 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Бүгинги күнге шекем ыссыхана бағдарында баҳасы 620 миллион сумлық (350 миллион сумы өз қаржысы, 270 миллион сумы кредит) 2 жойбар әмелге асырылып, 1,3 гектарлық майданда жаңадан заманагөй ыссыханалар шөлкемлестирилди ҳәм 23 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Быйыл ыссыханалардан 8 мың тоннадан аслам овощ өнимлерин жетистириў режелестирилип, бүгинги күнде 5 мың тоннаға шамалас овощ өнимлери жетистирилди.

– Азық-аўқат санааты, агрологистика, экспорт жумыслары қалай әмелге асырылмақта?

– 2022-жылы азық-аўқат санааты бағдарында 295,7 миллиард сумлық 73 жойбардың әмелге асырылыўы арқалы қосымша 1614 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, 2022-2023-жылларда Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларында улыўма баҳасы 14,7 миллиард сумлық, 14,0 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 2 заманагөй агрологистика орайы шөлкемлестириледи.

Усы жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде район ҳәкимликлери тәрепинен қурылыс ушын жер ажыратылып берилди ҳәм Әмиўдәрья районындағы «Әмиўдәрья қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ тәрепинен жойбарды әмелге асырыў бойынша қурылыс жумыслары 95 процентке орынланды. Бүгинги күнде әсбап-үскенелерди орнатыў ҳәм Төрткүл районындағы агрологистика орайын шөлкемлестириў бойынша қурылыс жумыслары алып барылмақта.

2022-2023-жылларда азық-аўқат санааты бағдарында 961,1 миллиард сумлық 134 жойбарды әмелге асырыў режелестирилди.

Соннан, 120,1 миллиард сумлық, 14,5 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 8 мийўе-овощ ҳәм жүзимди қайта ислеў, 107,3 миллиард сумлық, 17,1 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 22 суўытқышлы қоймаханалар, 62,8 миллиард сумлық, 10,2 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 14 гөш ҳәм сүтти қайта ислеў ҳәм 670,8 миллиард сумлық, 194,9 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 90 басқа түрдеги азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарларды иске түсириў белгиленген.

Бүгинги күнде баҳасы 38,8 миллиард сумлық 18 азық-аўқат санаатына байланыслы жойбарлар иске түсирилип, 153 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Соннан, 1,3 миллиард сумлық, 1,8 тонналық қуўатлылыққа  ийе 3 сүтти қайта ислеў, 595 миллион сумлық, 500 тонналық қуўатлылыққа ийе 1 суўытқышлы қоймахана ҳәм 36,9 миллиард сумлық, 26,1 мың тонналық қуўатлылыққа ийе 14 басқа түрдеги азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар иске түсирилди.

Азық-аўқат жойбарларын әмелге асырыў есабынан мийўе-овощларды қайта ислейтуғын кәрханалардың қуўатлылығы 36,4 мың (9,6 процент), гөш ҳәм сүтти қайта ислеў қуўатлылығы 23,5 мың (4,6 процент), мийўе-овощларды суўытқышлы сақлаў қуўатлылығы 65,6 мың (17,2 процент) тоннаға артты ҳәм басқа өнимлерди қайта ислеў 749,0 мың тоннаға жетти.

2022-жылы Қарақалпақстанда 32 мың тонна гүнжи дәни жетистириледи ҳәм Төрткүл, Беруний, Қанлыкөл ҳәм Шымбай районларындағы қайта ислеў кәрханаларында қайта исленеди.

Сондай-ақ, быйыл 34,1 мың тонналық, баҳасы 20,5 миллион АҚШ долларлық аўыл-хожалығы өнимлерин сырт еллерге экпорт етиў режелестирилип, январь-апрель айларында 13,1 мың тонна, баҳасы 3,6 миллион АҚШ долларлық аўыл-хожалығы өнимлери экспорт етилди.

Халқымызды арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, оның қәўипсизлигине ерисиў мақсетинде дийқанларымыз тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар өз нәтийжелерин береди, әсиресе, усы бағдардағы жаңа ири жойбарлардың иске түсирилиўи тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди, деп исендириўге толық тийкарлар бар.

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги