2022-жылдың өними ушын ғәллешилик кластерлерине 35 мың 231 гектар жер майданы (соннан, кластердиң өзине 5 мың 94 гектар жер майданы ҳәм бириктирилген фермер хожалықларда  30 мың 137 гектар жер майданынан ғәллешилик кластерлерине) бириктирип берилген ҳәм 49 мың 551 тонна дән жетистириў режелестирилмекте.

Жумыс ислеп турған ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген кластер кәрханаларының ғәлле қабыллаў бойынша ашық ҳәм жабық қоймаханаларының сыйымлылығы 35200, ун ислеп шығаратуғынлары 8900, жуғымлы жем таярлайтуғынлары 800, нан өнимлерин ислеп шығаратуғынлары 380 тоннаны қурайды. Сондай-ақ, 700 тонналық қуўатлылыққа ийе басқа түрдеги инфраструктуралар да жумыс ислеп турыпты.

Fәллешилик кластерлери, жәми 812 техникаға ийе. Соннан, 113 и сүрим тракторы, 75 и плуг, 102 си қатар араларын қайта ислеўши трактор, 33 и егиўши сеялка, 49 ы ғәлле орыў машинасы, 63 и культиватор, 203 и басқа техника ҳәм агрегатлар болып есапланады.

– Ҳәзирги ўақытта кластерлер тәрепинен, жәми 333 техника ҳәм агрегатлар сатып алыў режелестирилип, усы бағдардағы тийисли жумыслар алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң орынбасары Е.Еденбаев.

Fәллешилик кластерлери тәрепинен 2022-2023-жылларда баҳасы 108 миллиард 482 миллион сумлық 10 ири жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилмекте. Усының нәтийжесинде 293 жаңа жумыс орынлары жаратылады. Ҳәзирги ўақытта баҳасы 29 миллиард 893 миллион сумлық бир жойбар әмелге асырылып, 65 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Бүгинги күнде исбилерменлер ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен басқа да жойбарлар бойынша тийисли ҳүжжетлери рәсмийлестирилип, усы бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.

Атап өтетуғын болсақ, белгиленген мүддетлерде ғәллешилик кластерин шөлкемлестириў бойынша баҳасы 49 миллиард 547 миллион сумлық 2 жойбар иске түсирилип, 35 жаңа жумыс орны, дәнди қайта ислеўши кәрхана бойынша баҳасы 52 миллиард 436 миллион сумлық 4 жойбар иске түсирилип, 210 жаңа жумыс орны, комбикорм ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша баҳасы 1 миллиард 500 миллион сумлық 1 жойбар иске түсирилип, 20 жаңа жумыс орны, cуўытқышлы қоймахана бойынша баҳасы 700 миллион сумлық 1 жойбар иске түсирилип, 8 жаңа жумыс орнының жаратылыўы күтилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги