Техникалардың саз болыўы, фермерлер ҳәм дийқанларымыз тәрепинен аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин, егинлердиң өнимдарлығын, сапасын арттырыўға, жумысларын жеңиллетиўге жәрдем береди.

2022-жылы фермерлер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен билдирилген усынысларға тийкарланып, жәми 190,5 миллиард сумлық 898 аўыл хожалығы техникаларына ҳәм агрегатларға болған талап анықланған.

– Усы техникалар менен агрегатлар сатып алынғанда пайдаланылып атырған сүрим тракторлары 10-15 процентке, қатар араларын қайта ислеўши тракторлар 15-20 процентке ҳәм шигит егиў сеялкалары 20 процентке жаңаланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы К.Нурниязов.

Бүгинги күнге шекем жәми 23 миллиард 31,6 миллион сумлық 179 дана аўыл хожалығы техникалары менен агрегатлары фермерлер менен аўыл хожалығы кәрханаларына жеткерип берилди ҳәм бул жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги