Ҳәзирги ўақытта республикамыз районларында, жәми 81 кластер кәрханалары жумыс ислемекте. Соның ишинде, пахта-тоқымашылық кластер кәрханалары 12, ғәллешилик бағдарында 29, салыгершилик бағдарында 10 ҳәм мийўе-овощ жетистириў бағдарында 30 кластер кәрханалары жумыс ислемекте.

– Республикамыздағы 14 районда 12 пахта-тоқымашылық кластери жумыс ислеп турыпты,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги мәлимлеме хызметиниң бас қәнигеси Л.Қулмуратова. – Пахта-тоқымашылық кластерлерине, жәми 86 мың 791 гектар жер бириктирилген болып, быйылғы жылы усы кластерлер тәрепинен 250244 тонна пахта шийки затын жетистириў режелестирилмекте.

Бүгинги күнде 2022-жылдың өними ушын пахта шийки затын сатып алыў бойынша 2618 фермер хожалықлары менен 75516 гектарлық жерден 217507 тонна пахта шийки затын сатып алыў бойынша фъючерс шәртнамалары дүзилген. Буннан басқа, 11 пахта-тоқымашылық кластерлерине ажыратылған 11275 гектарлық жерден 33993 тонна пахта шийки затын жетистириў режелестирилген.

Кластерлер тәрепинен аўыл хожалығы тараўын буннан былай да раўажландырыў, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, сондай-ақ, қосымша баҳа шынжырын жаратыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта кластерлердиң сегизинде 102,9 мың тонна жип ийириў кәрханалары, бесеўинде 43 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханалары, екеўинде 13 мың тонна ийирилген жиптен таўар ислеп шығарыў кәрханасы, тағы екеўинде 13 мың тонна қуўатлылықтағы таўарды бояў өндирислик инфраструктуралары ислеп турыпты.

Кластерлерде жәми 1365, соннан 100 сүрим тракторлары, 93 плуг, 135 қатар араларын ислеў тракторы, 125 шигит егиў сеялкалары, 140 культиватор, 50 пахта териў машиналары, 31 лазерли жер тегислегиш, 50 бүркегиш, 297 агрегат ҳәм 344 басқа техникалар бар.

Кластерлер тәрепинен 2022-2024-жылларда баҳасы 2 триллион 765 миллиард 504 миллион сумлық, жәми 113 жойбарды иске түсириў режелестирилмекте. Нәтийжеде, 9 мың жаңа жумыс орнының жаратылыўы күтилмекте. Бүгинги күнде баҳасы 117 миллиард 829 миллион сумлық 7 жойбар иске түсирилип, 239 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Буннан басқа кластерлер тәрепинен қыйтақ жерлер кесиминде де бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги