Кишкенелигимнен илим-билим, мәденият ҳәм көркем өнерге қызығыўшы орталықта туўылып өстим.

Әкем Базарбай Ерниязов Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде миллий саз әсбаплары, ал, анам Тамара Таджимуратова сол дәргайда фортепиано пәнинен оқыўшыларға тәлим береди. Әжағам Айдос, әжапам Лалагүл де көркем өнер тараўында жемисли мийнет етпекте.

Мениӊ инглис тили ҳәм математика пәнлерине қызығыўыма үйимдеги тәрбия менен бирге, мектепте маған билим берген баслаўыш класс муғаллимим Муҳаббат Тилеўова, класс басшымыз Гүлнара Ережепова, инглис тили муғаллимим Қарлығаш Алиевалардыӊ жалықпастан тәлим-тәрбия бериўлери себеп болды, деп үлкен исеним менен айта аламан.

Нәтийжеде 7-класс дәўиримде мектеп оқыўшылары арасында өткерилген «Билимлер беллесиўи» жарысында республикада 1-орынды ийелеўге миясар болдым.

2019-жылы 9-класс пайытымда Нөкис қаласында ашылған Президент мектебине оқыўға тапсырып, оныӊ имтиханларынан жоқары балл менен өтиўге еристим. Мине, соннан берли усы мектепте Кембирдж оқыў бағдарламасы тийкарында инглис тилинде тәлим-тәрбия алып келмектемен. Мектепте Қубла Африка Республикасы, Канада, Ҳиндстан, Кения ҳәм басқа да еллерден келген күшли муғаллимлер оқыўшыларға жаӊа заманагөй методлар бойынша билим береди. Быйылғы жылы усы Президент мектебин 22 оқыўшы тамамлап атырған болса, солардыӊ көпшилиги сырт еллердеги еӊ бир абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўге миясар болды. Соныӊ ишинде, мениӊ өзим де АҚШ тағы Майами, Аризона, Қубла Флорида, Дрексил университетлери ҳәм Халықаралық Бизнес мектебине грант тийкарында оқыўға қабылландым.

Соныӊ менен бирге, пурсаттан пайдаланып Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиӊ белсенди ҳәм интакер жас әўлад ўәкиллериниӊ бири сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ арнаўлы қарары тийкарында «Мард Ўғлон»  мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлағаны ушын елимиз басшыларына өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымды билдиримен.

Алдағы ўақытлары мен елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен бизлердей жаслардыӊ заманагөй илим-билим ийелеўине жаратып берип атырған имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, усы жоқары оқыў орынларыныӊ биринде тәлим алсам ҳәм Өзбекстанды еӊ раўажланған жаӊа инновациялар орайына айландырсам, деген нийетимди әмелге асырыў ушын аянбастан мийнет ислей беремен.

Арысланбек Қалбаев,

«Мард Ўғлон» мәмлекетлик сыйлығыныӊ ийеси.

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниӊ питкериўшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги