Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларында тыныш өмир әдеттегидей даўам етпекте.

Ҳәзирги жағдайды есапқа алған ҳалда халыққа еле де қолайлық жаратыў мақсетинде орынларда арзанлатылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

-Аймағымызда 705 хожалықта 3369 түрли миллет ўәкиллеринен ибарат халық беккем аўызбиршиликте жасап келмекте,-дейди Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Уғылхан Дурымбетова.-Бүгинги ярмаркадан халқымыз қуўанышлы. Баҳалары да базарға салыстырғанда әдеўир арзан. Мәселен, айғабағар майы базарда 24-25 сум әтирапында болса, бул жерде 20 сумнан, қумшекер 16-17 мың сум болса, ярмаркада 12 мың сумнан сатылмақта.

Соның менен бирге, аймақ турғынлары арасында айрықша жағдайға бойсыныў, түрли ғәрезли шақырық ҳәм ҳәрекетлерге берилмеў бойынша нуранийлар, ҳаял-қызлар белсендилери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги