Бүгинги күнде республикамыздағы 2889 фермер хожалығының 38,5 мың гектарлық егислик майданына (соннан, 28,5 мың гектары тийкарғы, 10 мың гектары тәкирарый) салы егилди.

Салы егилетуғын тийкарғы 16,1 мың гектарлық майданда  лазерли тегислеў жумыслары алып барылып, 25,8 мың гектарлық, соннан 17 мың гектарлық тийкарғы, 8,8 мың гектарлық тәкирарый егислик майданларда салы егиў жумыслары алып барылды.

– Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигиниң топланған информациялық ҳәм статистикалық анализ бөлими қәнигеси И.Толыбеков. – Сондай-ақ, Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесинде аймақлардың топырақ-климат шараятларына сәйкес, жоқары өним беретуғын салы сортларын жаратыў бойынша илимий жумыслар әмелге асырылмақта.

Республикамызда халықты арзан ҳәм сапалы овощь, палыз, картошка өнимлери менен тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылып, жәми 12,6 мың гектар жерге овощь, 2,4 мың тектар жерге картошка, 6,4 мың гектар жерге палыз егиў режелестирилди.

Атап айтқанда, фермерлердиң ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының тийкарғы егислик жерлериниң 9,5 гектарына овощь, 2,3 гектарына картошка ҳәм 6,1 гектарына палыз егинлерин егиў системалы түрде алып барылады.

Картошка егиў ушын 6 мың тонна туқымлық картошка талап етилип, соннан, 2171 тонна картошка туқымлары фермерлердиң ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында бар туқымлардан егилиўи белгилеп алынды. Сондай-ақ, жетиспеген 3829 тонна туқымлық картошка шеттен, кластерлер тәрепинен жеткерип бериўи белгиленип, 3278 тоннасы толық тарқатылды.

2022-жылда фермерлер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен, жәми 239,2 мың тонна овощь, 101,9 мың тонна палыз, 32,5 мың тонна картошка өнимлерин жетистириў, 15,1 тонна овощь, 5,1 тонна палыз өнимлерин экспортқа шығарыў режелестирилген.

Быйыл бәҳәр мәўсиминде тийкарғы майданлардың 2255 гектарына картошка, 9573 гектарына овощь, 6174 гектарына палыз егинлери егилди.

Буннан басқа, бағлардың, жүзим атызларының қатар араларындағы 109 гектар жерге картошка, 843 гектар жерге овощь, 102 гектар жерге палыз егинлери егилип, усы егислик майданларда белгиленген агротехникалық қағыйдаларға муўапық, тәрбиялаў ҳәм өним жетистириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, 2022-жылдың өними ушын фермерлер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының ғәлледен босаған майданларының 2270 гектарлық жерине овощь ҳәм 150 гектарлық жерине палыз егинлерин тәкирарый егиў белгилеп алынды.

Белгиленген реже тийкарында, бүгинги күнде ғәлледен босаған егислик жерлердиң 2038 гектарына овощь, 154,6  гектарына палыз егинлерин егиў  жумыслары даўам етпекте.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.