Ҳәзирги күнде мәмлекетимиздиң қайсы бир қаласы яки районына барсақ та үлкен ямаса киши қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығының гүўасы боламыз. Бул, әлбетте ғәрезсизлигимиздиң шарапаты, елимиздиң экономикасының раўажланыўы дереги болып есапланады.

Мине, усы қурылыс тараўындағы буйыртпашы менен орынлаўшы арасындағы қатнасықлар нызам ҳүжжетлери, соның менен бир қатарда, тийкарынан қурылыста жумысты бөлип кесип алып ислеў шәртнамасы менен тәртипке салынады.

Мәмлекетимизде қурылыста жумысты бөлип алып ислеў қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы нызамы, сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Капитал қурылысты басқарыў структурасын буннан былай да қайта шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы, «Капитал қурылыста экономикалық реформаларды тереңлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары ҳәм басқа да нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.

Қурылыс жумысларын әмелге асырыўда буйыртпашы менен жумысты бөлип алып ислеўши арасындағы қатнасықларды тәртипке салыўда шәртнама әҳмийетли орын тутады. Бул шәртнаманың зәрүрли шәртлери төмендегилерден ибарат болып, онда, шәртнаманың предмети (объекттиң жайласқан жери ҳәм аты, қурылыс басқышлары ҳәм көлеми); қурылыс жумысларын өз күши менен яки жәрдемши жумысты бөлип алып ислеўшилерди тартқан ҳалда орынлаўы; қурылыстың басланыў ҳәм тамамланыў ўақты; шәртнама баҳасы ҳәм оны анықлаў усыллары; жойбар ҳүжжетлерин усыныў тәртиби ҳәм мүддетлери; қаржы дәреклери ҳәм көлеми; шәртнама миннетлемелерин орынламаў яки зәрүр дәрежеде орынламағанлық ушын тәреплердиң жуўапкершилиги; буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшиниң ҳуқықлары менен миннетлемелеринен ибарат болады.

Қурылыс тараўындағы даўлар көпшилик жағдайларда буйыртпашылар тәрепинен орынланған жумыслар ушын төлемлердиң әмелге асырылмаслығы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилердиң алдыннан ис ҳақы ажыратылса да, жумысларды орынламаслығы ақыбетинде келип шықпақта.

Қурылыста жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасы бойынша орынланған жумыстың сапасы талап дәрежесинде болыўы керек. Орынланған жумыс сапалы деп баҳаланыўы ушын сол ис шәртнама шәртлерине муўапық болыўы, егер шәртнамада жумыстың сапасы ҳаққында тийисли шәрт болмаса ямаса толық сәўлеленбесе, соған уқсас жумысларға қойылатуғын әдеттеги талапларға сай болыўы керек. Соны айрықша атап өтиў керек, тәреплер арасында шәртнаманың зәрүрли шәртлери бойынша келисимге ерисилмеген болса, шәртнама дүзилмеген есапланады.

Сапасыз орынланған жумыслар ушын жумысты бөлип алып ислеўшиге ҳақы төленбейди. Сапасыз орынланған жумыслар дегенде, шәртнамада, техникалық жойбарда ҳәм тәреплер ушын мәжбүрий болған қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларында нәзерде тутылған талаплардан шегиниўге жол қойылғанлығы, сондай-ақ қурылыс объектиниң жойбар-сметалық ҳүжжетлеринде белгиленген көрсеткишлерге, атап айтқанда кәрхананың өндирислик қуўатлылығына ерисилмегенлиги түсиниледи.

Пуқаралық кодексиниң 647-681-статьяларына муўапық, жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен орынланған жумыслардың сапасы шәртнама шәртлерине, жойбар-сметада көрсетилген талапларға сай келиўи керек. Егер бул талаплардан шегиниўге жол қойылса, бундай жағдайда миннетлемелер тийисли тәртипте орынланбаған есапланады. Экономикалық суд әмелиятынан белгили, көпшилик жумысты бөлип алып ислеўшилер тәрепинен орынланған жумыслардың сапасызлығы тек ғана тапсырыў дәўиринде емес, ал суд тәрепинен тайынланған экспертиза нәтийжелери менен де анықланады.

Көпшилик жағдайларда жумысты бөлип алып ислеў шәртанамалары бойынша орынланған жумыслар ушын өз ўақтында есапласпай атырғанлығына жумысты бөлип алып ислеўшилердиң өзлери де себепши болмақта. Себеби, Пуқаралық кодексиниң 638-671-статьяларына тийкарланып, егер жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасында орынланған жумыс яки оның айырым басқышларына алдыннан ҳақы төлеў нәзерде тутылған болмаса, буйыртпашы жумысты бөлип алып ислеўшиге шәртлесилген ҳақыны тийисли тәризде, яғный келисилген мүддетте ямаса буйыртпашының келисими менен мүддетинен алдын орынланып, оның нәтийжелери үзил-кесил тапсырылғаннан кейин төлеўи шәрт. Сондай-ақ, кѳпшилик жағдайларда буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши арасында дүзилген шәртнама шәртлеринде буйыртпашы тәрепинен алдын-ала аванс тѳлеми тѳленгеннен кейин қурылыс жумысы басланыўы зәрүр болса да, жумысты бөлип алып ислеўши аванс тѳлеми тѳленбесе де қурылыс жумысларын баслап жибериўи жағдайлары ушырасады.

Буннан тысқары, Пуқаралық кодексиниң 670-статьясына муўапық, жумысты бөлип алып ислеўши қурылыс даўамында жойбар-смета ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған жумысларды ҳәм сол мүнәсибет пенен қосымша жумысларды орынлаў ҳәм қурылыстың смета баҳасын арттырыў зәрүрлиги анықланса, бул ҳаққында буйыртпашыға хабар бериўи шәрт. Бирақ, қурылыс кәрханалары шәртнамада көрсетилген жумыслардан тысқары қосымша жумысларды буйыртпашыны рәсмий түрде ескертпестен яки буйрытпашының ескертилгенлиги ҳәм оның келисими алынғанлығы жағдайлары ҳүжжетлер менен рәсмийлестирилместен орынламақта. Нәтийжеде тәреплер арасында даў келип шығып, судларға даўа арзалары киргизилмекте.

Жуўмақлап айтқанда, қурылыс тараўындағы шәртнамаларда көрсетилген ҳуқық ҳәм миннетлемелер оның қатнасыўшылары тәрепинен өз ўақтында ҳәм сапалы орынланса, ҳүжжетлер дурыс рәсмийлестирилсе буйрытпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар ортасында келип шығыўы мүмкин болған ҳәр қандай даўлардың алды алынған ҳәм ѳз гезегинде олардың ўақты және қаржылары үнемленген болар еди.

 

 Г.ЕШНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги