Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Әзербайжанға барды.

Әзербайжан Президенти Илҳом Алиев Сенаттың баслығы Танзила Норбоеваны қабыллады.

Өз-ара сөйлесиўде мәмлекетлераралық раўажланып атырған бирге ислесиў байланыслары атап өтилди.

Сапар етиў даўамында Сенаттың баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Әзербайжан Республикасы Миллий Межлисиниң баслығы Саҳиба Гафарова менен ушырасты.

Ушырасыўда еки мәмлекет басшылары арасындағы исенимли қатнасықлар Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықлары арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўдиң тийкары екени, сондай-ақ, парламентлераралық бирге ислесиўдиң жаңа перспективаларын ашып беретуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында өз-ара пайдалы барлық мәселелер бойынша парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған әмелий илажларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан исбилермен ҳаял-қызлары арасында «B2B» форматында өткерилген ушырасыўлар нәтийжесинде 54 миллион доллардан аслам муғдарда 19 шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойылды.

Н.Абдураимов, ӨзА