Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкарланып,  Ойбек Аркабаевич Полванов Шоманай районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол усы кунге шекем Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы Анестезиология реанимация бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

Сондай-ақ, буннан алдын Шымбай районлық медицина бирлеспеси  баслығы лаӯазымына Куралбай Сарсенбаевич Сатуллаев,  Арыўхан Абатовна Абатова  Қанлыкөл, Зафар Зарипбаевич Худайберганов Төрткүл районлық медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланған еди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы