Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Кегейли районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында валюта саўдасы менен шуғылланып келген пуқара анықланды.

Атап айтқанда, пуқара Р.М. Нөкис қаласындағы саўда комплекси алдында 3 мың 300 АҚШ долларын пуқара Д.ға 35,4 миллион сумға сатқан ўақтында айғақлы дәлил менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексининң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги