«Бизлер – спортшы шаңарақпыз!» сүрени астында Наманган ўәлаятында болып өткен шаңарақлық спорт жарысында республикамыздан  қатнасқан Рустем Хайдаровтың шаңарағы биринши орынды ийеледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде өткерилген жарыста Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышларында жеңимпаз болған спортшы шаңарақлар қатнасты.  Буннан гөзленген мақсет- кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлерди ғалабалық спорт түрлерине қамтыў, олардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларға ҳәр қыйлы кеселликлерден спорт ҳәм саламат турмыс тийкарлары арқалы қорғалыўына жәрдем бериў болып табылады.

Барлық шәртлер бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен  Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы Рустем Хайдаровтың шаңарағына биринши орын несип етти.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы денетәрбия ҳәм спорт-саўалландырыў басқармасы тәрепинен кубок, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы