Президент қарары (ПҚ-299-санлы, 29.06.2022 ж.) менен Еркинен айырыў жазасын өтеп болған пуқаралардың социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў бойынша «дәслепки социаллық-материаллық жәрдем пакети»н бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Реже еркинен айырыў жазасын өтеп болған пуқаралардың социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў бойынша «дәслепки социаллық-материаллық жәрдем пакети»н бериў тәртибин белгилейди.

Жәрдем пулы ҳәр бир жәрдем алыўшыға оның социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў ушын исбилерменлик, архитектуралық, өнерментшилик сыяқлы бағдарлардағы жойбарларды әмелге асырыў ушын бир мәрте бериледи (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 10 есеси муғдарында – 9 млн 200 мың сум).

Жәрдем пуллары бул мәселени көрип шығатуғын уйымлараралық турақлы комиссиялардың қарарлары тийкарында бериледи.

Жәрдем алыўшылар жазаны өтеп болғанынан кейин 3 ай мүддетте жумысшы уйымға өз жойбарын қосымша еткен ҳалда арза усынады.

Жойбарды қаржыландырыў мақсетке муўапық екени бойынша шешимди таярлаў төмендеги нормаларға тийкарланады:

– басламақшы болған исбилерменлик, архитектуралық ямаса өнерментшилик жумысының нәтийжелилиги ҳәм дәраматлы екени;

– мәкан пуқаралар жыйының унамлы усынысы;

– кем тәмийинленген ямаса жалғыз екенлиги;

– қарамағында майыплығы болған ямаса ер жетпеген перзентиниң бар екени;

– көп (4 ҳәм оннан аслам) перзенти бар екени ҳәм материаллық жәрдемге мүтәжлиги;

– турақ жай емес жайларда жасап атырғаны.

Қарақалпақстан хабар агентлиги