Жаздың ыссы күнлеринде автомобильде ҳәрекетлениўдиң өзи болмайды. Егер автомобиль кондиционерли болса, оннан пайдаланыўдың да айырым тәртип-қағыйдалары бар, деп мәсләҳәт бермекте Шокиржонов каналы.

  1. Кондиционерди иске қосыўдан алдын салонды 3-5 минут самаллатың.
  2. Суўық ҳаўа ағымын айдаўшы ҳәм оның жанындағы жолаўшының көкирек тәрепине қаратпаң. Суўық ҳаўа алдынғы айна (лобовой), қаптал айналар ямаса жоқарыға бағдарланған болыўы керек.
  3. Сырттағы ҳаўа ҳәм кондиционерден шығып атырған ҳаўаның температурасы 7…10 дәреже парықланыўы керек.
  4. Ыссы ҳаўада кондиционерди иске қосқаннан кейин алдын белгили бир температураға қойыў керек, кейин ала әсте-ақырын температура түсириледи.
  5. Узақ сапарға кондиционерли машинада жолға шыққаныңызда ҳәр ярым саат–бир саатта автомобиль салонын самаллатып турың.
  6. Кондиционер жақсы ислеўи ушын оның фреон дәрежесин өлшең ҳәм салондағы фильтрди, әлбетте, алмастырың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги