Ҳәзирги ўақытта жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жанылғы-энергетика ресурсларының баҳаларын өзгертиў ҳаққында»ғы қарар жойбары жумысшы топар тәрепинен үйренилмекте.

Бул жойбар шеңберинде пуқаралардан мыңнан аслам мүрәжат келип түскен болып, ҳәзирги ўақытта Энергетика, Қаржы, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрликлериниң қәнигелери тәрепинен үйренилип, талланбақта.

Қабыл етилген усыныслар бойынша барлық жуўмақлар ҳәм қәнигелердиң шешимлери усынылғаннан кейин, бул мәселе бойынша жуўмақлаўшы ҳәм тийисли қарар қабыл етиледи.

Қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге бола, тарифлердиң өзгериўи ҳүкимет қарары қабыл етилген күннен баслап 15 күннен кейин күшке киреди.

Усы мүнәсибет пенен, 2022-жыл 1-июльден электр ҳәм газ тарифлерине өзгерислер киргизилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги