Нөкис қаласындағы «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Jungle Land» заманагөй балалар майданшасы пайдаланыў тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды жаңа балалар майданшасының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Елимизде барлық жақсы нәрселер балалар ушын, олардың бахытлы келешеги ушын жаратып берилмекте. Улыўма 3 мың квадрат метрди ийелеген балалар майданшасында бир ўақыттың өзинде 5 жастан 30 жасқа шекемги 600 бала шуғылланыў мүмкиншилигине ийе.

«Сити парк Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген, улыўма баҳасы 22 миллиард сум болған балалар майданшасына Россия мәмлекетинен алып келинген ең соңғы заманагөй ойын аттракционлары орнатылған. Атап айтқанда, арқанға байланыслы тамаша парки, батут, балалар майданшасы, лабиринт, ниндзя квест, скалодром блокларында балалардың ойнаўы ҳәм шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

-Аймағымыздан ашылған заманагөй балалар майданшасында Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларынан балалар, соның менен бирге, мийманға келгенлер шуғылланыў мүмкиншилигине ийе,- дейди «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Мажид Утамбетов.-Соның менен бирге, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген шаңарақ ағзалары ушын жигирмадан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

Көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры актёрларының атқарыўындағы түрли ертек қаҳарманларының сахналық көринислери балаларға айрықша қуўаныш ҳәм заўық бағышлады.

Илаж қатнасыўшылары балалар майданшасында жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери