Программаластырыў ҳәзирги заманда ең раўажланып баратырған ҳәм талап күшли кәсиплердиң бирине айланған. Мәмлекетимизде де бул тараў кең түрде раўажланбақта. Прогаммист болыў ушын биринши гезекте программаластырыў тиллериниң биринен хабардар болыў талап етиледи. Дүньяда бул тиллердиң саны оғада көп. Бирақ, анық қайсы тилди үйрениў керек? деген сораўға жуўапты төмендеги статистикалық мағлыўматлар арқалы билип алсаңыз болады.

Қайсы программаның тили ең зор, үйрениў аңсат ҳәм ең көп дәраматқа ийе екенлигин де билип қойғаныңыз жақсы.

 

  1. Python.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 120, 000 доллар

Пайда: Бул әпиўайы синтаксис, стандартлар ҳәм өнимлер топламының үлкен китапханасы ҳәм С ҳәм С++ сыяқлы басқа да белгили программаластырыў тиллери менен интеграцияласқаны себепли үйрениў аңсат болған программаластырыў тили болып есапланады.

  1. JavaScript.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 118, 000 доллар

Пайда: Бул интерактив веб-сайтларды жаратыў ушын ең белгили программаластырыў тили. Дерлик ҳәмме оны қолланады. Ҳәр түрли қосымшалар JavaScriptти де кеңейтеди.

  1. Java.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 104, 000 доллар

Пайда: Бул тил дүньядағы ири кәрханалар тәрепинен қолланылатуғын қарыйдар-сервер программаларын ислеп шығыў менен ең көп байланысқан программаластырыў тили болып есапланады.

  1. C #.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 97, 000 доллар

  1. C.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 97, 000 доллар

  1. C ++.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 97, 000 доллар

  1. Go.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 93, 000 доллар

  1. R.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 93, 000 доллар

  1. Swift.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 93, 000 доллар

  1. PHP.

Орташа жыллық мийнет ҳақы: 81, 000 доллар

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги