Президент Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни электр энергетикасы кәрханаларының жумысын трансформациялаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз экономикасы ҳәм халықтың талабы күн сайын өсип, жанылғы-энергетика тармағы соған сәйкес модернизацияланбақта. Бул жумыслар мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 27-марттағы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында электр энергетика тармағын және де раўажландырыў ҳәм реформалаў стратегиясы тийкарында алып барылмақта.

Атап айтқанда, бурынғы «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети тийкарында электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм сатыў бойынша 3 айрықша структура шөлкемлестирилди. 7 миллион тутыныўшы Электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасына жалғанып, халықтан төлем өндириў 100 процент тәмийинленбекте. Генерация тараўында жәми 7 миллиард долларлық 19 қуяш, самал ҳәм ыссылық электр станцияларын қурыў бойынша жойбарларға сырт ел инвесторлары тартылды.

Соның менен бирге, тараўда бәсекини жаратыў, энергия тәмийнатының көлеми ҳәм сапасын арттырыў бойынша шешилетуғын жумыслар көп. Соның ишинде, энергетика системасын модернизациялаў, экономика тармақлары ҳәм халықтың мүтәжликлерин толық қанаатландырыў ушын келеси жыллары 20 миллиард долларға шамалас инвестиция талап етиледи. Оның ушын тараўда бәсекили базарды қәлиплестириў ҳәм жеке меншик инвесторларға шараятларды кеңейтиў зәрүр.

Сол себепли мәжилисте энергетика базарын басқарыў бойынша жаңа система жаратыў мәселелери додаланды.

Жеке меншик генерация кәрханаларының жалғаныўы ушын тең шараят жаратыў мақсетинде «Өзбекстан миллий электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң электр энергиясын бирден-бир сатып алыў ҳәм магистраль тармақларды басқарыў ўәкилликлерин ажыратыў усынысы билдирилди. Онда, бирден-бир сатып алыўшы компания барлық электр станцияларынан электр энергиясын шартнама тийкарында сатып алып, ири кәрхана ҳәм аймақлық электр тармақлары кәрханаларына сатады. Магистраль тармақ операторы болса электр энергиясын жеткерип бериў, шығынларды азайтыў ҳәм энергосистеманы техникалық басқарыў менен шуғылланады.

Келеси жылы 14 район ҳәм қалада «Аймақлық электр тармақлары» АЖға альтернатив тәризде, тутыныўшыларға электр энергиясын сататуғын жеке меншик усақлап сатыў электр саўда компаниялары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, тармақ басшыларына трансформация процесин жеделлестириў, кәрханалардың финанслық жағдайларын көтериў ҳәм тиккелей инвестициялар тарта алатуғын компанияларға айландырыў керек екенлиги атап өтилди. Тараў кәрханаларының операциялық қәрежетлерин оптималластырыў, электр жеткерип бериў тармақларын жаңалаў бойынша да тапсырмалар берилди.

Ҳүкимет ҳәм тараў басшыларына бул реформаларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА