Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги конституциялық реформалар кең жәмийетшиликтиң дыққат орайында болып, орынларда додалаўлар өткерилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы реформаларға бағышланған ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға партияның Орайлық Кеңеси жанынан шөлкемлестирилген Конституциялық реформалар бойынша жумысшы топардың ағзалары, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда парияның Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Маматхонов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Конституциялық реформалар, оған жаңа өзгерислер менен қосымшаларды киргизиў оны және де жетилистириў менен бирге, халқымыздың мәпин қорғаў, бүгинин ҳәм келешегин белгилеп беретуғынлығын айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге келип Конституцияға өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша жәми 20 мыңнан аслам пикир-усыныслар берилген.

Ушырасыўда пуқаралардың социаллық жуўапкершилигин арттырыў, киберқәўипсизлик мәселесин конституцияға киргизиў, ҳәкимлерди сайлаў ҳәм олардың ҳәкимлик мүддетлерин белгилеп қойыў сыяқлы бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда билдирилген пикир-усыныслар улыўмаластырылып, Конституциялық комиссияға усыныс етилиўи белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги