Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а) 2022-2023-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде олардың имканиятларынан келип шыққан ҳалда бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша аралықтан тәлим түрининиң енгизиледи;

орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлери қарамағында усы билимлендириў мәкемелери болған министрлик ҳәм уйымлардың усынысы тийкарында Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына қабыллаў абитуриенттиң бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши ҳәм шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификат балы тийкарында, баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылады ҳәм қосымша имтихан  өткерилмейди;

б) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына қабыллаў бир жылда еки мәрте – август ҳәм январь айларында шөлкемлестириледи. Онда:

август айындағы қабыллаў – гезектеги оқыў жылы ушын тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарындағы және қаржы еркинлиги берилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң бақлаў кеңеслери тәрепинен тастыйықланған төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў параметрлерине муўапық;

январь айындағы қабыллаў – дәслепки қабыллаў нәтийжелерине бола толмаған орынлар ҳәм Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланған қосымша төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў параметрлерине муўапық әмелге асырылады;

в) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриентлердиң төлемли-контракт суммасы бир студентке туўра келетуғын реал қәрежетлерден келип шығып, жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен еркин белгиленеди;

г) диферренцияластырылған төлемли-контракт муғдары Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленген суммадан аз болмаған муғдарда жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен еркин белгиленеди;

д) нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жоқары билимлендириў мәкемелерине имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў бойынша жеңилликке ийе болған пуқаралар улыўма қабыллаў параметрлеринен тысқары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи;

е) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине бойсыныўшы министрлик ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда сырт ел пуқарасын төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын тийисли тәлим бағдары ҳәм қәнигелик ушын Өзбекстан Республикасы пуқараларына белгиленген базалық төлемли-контракт муғдарынан аз болмаған муғдарда белгилеў ҳуқықы бериледи. Онда, сырт ел пуқарасы жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен өткерилетуғын сәўбет нәтийжесине бола оқыўға қабыл етиледи;

ж) 2023-2024-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйрытпасы параметрлери тек ғана мәмлекетлик грант бойынша тастыйықланады;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине (қаржы еркинлиги берилген жоқары билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў параметрлери бойсыныўы бойынша тийисли министрлик (уйым) тәрепинен Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады ҳәм ҳәр жылы 20-июньға шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес келиўши имтихан пәнлери комплекси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады ҳәм имтихан сынақлары басланыўынан кеминде 6 ай алдын жәрияланаы.

  1. 2022-2023-оқыў жылынан баслап республикамызда жумыс ислеп атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары және мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде (кейинги орынларда – республикада жумыс ислеп атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлери) мәмлекетлик грант тийкарында кадрлар таярлаў бойынша 1 000 орын ажыратып барылсын.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәмлекетлик грант тийкарында республикамызда жумыс ислеп атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде кадрлар таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпашы болып есапланатуғыны;

 ҳәр жылы 1-июльге шекем усы мәмлекетлик гранттың жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша бөлистирилиўи Мәмлекетлик комиссия тәрепинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының усыныслары тийкарында тастыйықланатуғыны ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланатуғыны;

республикамызда жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемилерине кириў имтиханлары жуўмақланғаннан соң бир ай мүддетте баллар избе-излигине әмел еткен ҳалда, ең жоқары балл топлаған ҳәм мәмлекетлик грантты алыў тилегин билдирген студент, тийисли жоқары билимлендириў шөлкеми және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги арасында үш тәреплеме шәртнама дүзилетуғыны. Онда, студенттиң ислеп бериў миннетлемеси даўамлылығы тәлим бағдарының өзгешелигин есапға алған ҳалда мәмлекетлик буйыртпашы тәрепинен белгиленетуғыны белгиленсин.

  1. Ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўын арттырыў арқалы мәмлекет ҳәм жәмийеттеги белсендилигин күшейтиў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды және де жеделлестириў мақсетинде сондай система енгизилсин, оған бола:

а) Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң усынысын алған, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар ушын 2022-2023-оқыў жылынан баслап бакалавриаттың күндизги тәлим түри бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў параметрлерине қосымша 2 000 мәмлекетлик грант ажыратылады. Онда:

усынысқа ийе болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант тийкарында ажыратылатуғын қабыллаў параметрлериниң кеминде 50 проценти анық ҳәм тәбийғый пәнлер, техника ҳәм медицина бағдарлары арасында бөлистириледи;

ҳәр жылы 20-июльге шекем усынысқа ийе болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант орынларының жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша бөлистирилиўи Мәмлекетлик комиссия тәрепинен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады;

б) мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендегилер қапланады:

2021-2022-оқыў жылында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына студентликке қабыл етилип, төлемли-контракт тийкарында оқып атырған ҳаял-қызлардың 2022-2023-оқыў жылы ушын төлемли-конракт муғдары;

2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына ажыратылған қабыллаў параметрлери шеңберинде базалық төлемли-контракт тийкарында студентликке қабыл етилген ҳаял-қызлардың төлемли-контракт муғдары.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң усынысы тийкарында ҳаял-қызларды бакалавриатқа қабыллаў ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышына төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген ҳаял-қызлардың төлемли-контракт суммасын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериў тәртиплерин тастыйықласын.

  1. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик комиссия (текст бойынша – Мәмлекетлик комиссия) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Мәмлекетлик комиссияға төмендеги ўәкилликлер берилсин:

зәрүрлик болғанда, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм оқыў-методикалық тәмийинатынан келип шығып, жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин киргизиў ҳәм шөлкемлестирилетуғын жаңа мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң қабыллаў параметрлерин белгилеў ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалвриат ҳәм магистратурасына тийисли тармақлар ҳәм аймақлар бойынша мақсетли қабыллаў параметрлерин белгилеў, сондай-ақ, мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң тәлим тиллери бойынша бөлистирилиўин тастыйықлаў;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрлик ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң (қаржы еркинлиги берилген жоқары билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша базалық төлемли-контракт баҳасынан келип шығып, диферренцияластырылған төлемли-контракт минимал муғдарының бирден-бир көрсеткишлерин белгилеў.

  1. Жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўға байланыслы мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў бойынша төмендеги тәртип енгизилсин:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги турақлы тийкарда республикамыз аймақлары шеңберинде мәмлекетлик уйымлар, экономиканың реал тармақлары ҳәм тараўларында тәлим бағдарлары, қәнигеликлер ҳәм анық кәсиплер бойынша жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талапты үйренеди ҳәм кейинги төрт жылға мөлшерленген прогнозды қәлиплестирип барады;

ҳәр жылы 1-апрельге шекем Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр бир мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси бойынша тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер кесиминде мәмлекетлик грант тийкарындағы мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң жойбарын қәлиплестиреди ҳәм көрип шығыў ушын Мәмлекетлик комиссияға усынады;

ҳәр жылы 1-майға шекем Мәмлекетлик комиссия мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратурасына қабыл етиў бойынша мәмлекетлик грант тийкарындағы мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин қәлиплестиреди ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Президентине киргизеди.

  1. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процесинде абитуриентлерди онлайн дизимнен өткериў бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы ҳәр жылы 20-июньнен 20-июльге шекем (20-июль күни де), шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша болса 10-июльге шекем (10-июль күни де) әмелге асырылады.

Онда, абитуриентлерге:

тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат тәлим бағдарларын және бир ўақыттың өзинде барлық билимлендириў түрлерин таңлаў ҳуқықы бериледи;

дизимнен өтиў процесинде таңланған бакалавриат тәлим бағдарларының үстинлигине қарап дәслеп мәмлекетлик грант, кейин ала төлемли-контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў имканияты бериледи.

  1. Студентлер оқыўын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша төмендеги тәртип енгизилсин:

а) сырт еллерде жумыс ислеп атырған (соның ишинде, халықаралық тән алынған рейтинглерде биринши 1 000 орыннан бирин ийелеген) жоқары билимлендириў шөлкемлеринен мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириўде:

студенттен айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарлары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар, басқа тәлим бағдарлары бойынша тест сынақлары өткериледи. Онда, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар тийисли жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен, тест сынақлары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткериледи;

тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бойынша өтиў баллары ҳәр жылы 15-июльге шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленеди және Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады;

өтиў балынан төмен балл топлаған студентлер бакалавриатқа қабыл етиўдеги тәртипке муўапық диферренцияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи;

тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар нәтийжелери Мәмлекетлик тест орайы ҳәм тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң рәсмий веб-сайтларында жәрияланады;

б) сырт еллерде жумыс ислеп атырған жоқары билимлендириў шөлкемлеринен мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириўге руқсат етилмейди;

в) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң биринен басқасына студентлер оқыўын көшириўге тек ғана төмендеги жағдайларда руқсат бериледи:

студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемесине көшириў ушын мүрәжат еткенде;

мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң жумыс орыны өзгерген жағдайда оның өмирлик жолдасы ямаса ер жетпеген перзенти оқыўын көшириў ушын мүрәжат еткенде, тийисли министрлик (уйым) басшысының усынысы тийкарында;

г) студентлер оқыўын республикамызда жумыс ислеп атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринен:

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириў усы бәнттиң «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған тәртипте;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириў орнатылған тәртипте, тийисли бакалавриат тәлим бағдары ушын белгиленген диферренцияластырылған төлемли-контракттиң минимал муғдарына тең болған бир мәртелик төлем тийкарында әмелге асырылады;

д) спорт жарысларының жеңимпазы сыпатында жеңиллик пенен жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳәм күндизги тәлим түринде оқып атырған студентлердиң оқыўын олардың арзаларына муўапық, сыртқы тәлим түриндеги сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарына (сыртқы тәлим түри болған жағдайда) мәмлекетлик грант тийкарында көшириўге руқсат бериледи.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларын қәўипсизлик талапларына толық әмел еткен ҳалда жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип белгиленсин.
  2. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик буйыртпа параметрлери шеңберинде грант тийкарында бакалавриат ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етилген шахсларды оқытыў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;

республикамызда жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде кадрлар таярлаў ушын ажыратылатуғын мәмлекетлик грант Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң буйыртпасына бола 2022-жылы Қаржы министрлиги тәрепинен қосымша түрде қаржыландырылатуғыны, 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов ҳәм Мәмлекетлик тест орайының директоры М.М.Каримов белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 15-июнь