Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы бир қатар шөлкемлер менен бирликте миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ең алдынғы жетискенликлерин кеңнен  ен жайдырыў, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын кең шараят жаратыў және журналистлерде сын пикирлеўди ҳәм талқылаўды, дөретиўшилик жумысқа жаңаша көзқарасты қәлиплестириў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Алтын қәлем» XIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў өткереди.

3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышланған бул таңлаўға 2017-жылдың 31-мартынан 2018-жылдың 31-мартына шекемги – бир жыл даўамында газета ҳәм журналларда басып шығарылған, радио арқалы эфирге узатылған және телевидениеде көрсетилген ҳәм интернет басылымларында берилген материаллар 2018-жылдың 10-апрелине шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары ушын төмендеги сыйлықлар шөлкемлестирилген:

Журналистика тараўында бас миллий сыйлық

Жеңимпаз арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм Өзбекстан Республикасында белгиленген ең кем мийнет ҳақының 200 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Тийкарғы сыйлықлар:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (телевидение  — 1-, 2-, 3- орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (радио  — 1-, 2-, 3- орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (баспа ғалаба хабар қураллары — 1-, 2-, 3-орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (интернет-журналистика  – 1-, 2-, 3-орынлар).

Биринши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 160 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Екинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 140 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Үшинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 120 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Хошаметлеў сыйлықлары ушын номинациялар:

ғалаба хабар қуралларында китапқумарлық мәденияты үгит-нәсиятланған ең жақсы материал ушын;

шет елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын;

ең жақсы фоторепортаж;

ең жақсы баспасөз хызмети.

Бул номинациялардың жеңимпазлары диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

«Алтын қәлем» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў, сондай-ақ, оны өткериўге байланыслы жумсалатуғын қәрежетлер Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик қорының қаржылай көмегинде әмелге асырылады.

Сондай-ақ, миллий бирге ислесиўшилер және Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ЮНЕСКО сыяқлы бир қатар халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханалары ҳәм елшиханалары да өзиниң хошаметлеў сыйлықларын шөлкемлестирген (қосымша етиледи).

Таңлаў шәртлери:

Таңлаўға теле-, радио-, баспа материаллар және интернет басылымларында жәрияланған жумыслар усынылады (5 тен кем болмаўы керек).

Телевидение бойынша видеоматериаллар (CD, DVD дискте) 3 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Радиоеситтириўлер (CD, DVD дискте) 5 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Баспасөз ҳәм интернет материаллары түп нусқада ямаса көширме нусқада усынылыўы лазым.

Таңлаўға жиберилген материалларға төмендегилер қосымша етилиўи лазым:

– автор ҳаққында мағлыўматнама (объективка);

– автордың жасайтуғын мәнзили, үй ҳәм жумыс телефонлары;

– паспорт нусқасы.

Таңлаў жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими 2018-жыл 3-май  – Жәҳән баспасөз еркинлиги күнинде салтанатлы түрде өткериледи.

Сыйлық бир адамға қайтадан берилмейди.

Материаллар «Алтын қәлем» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи тийис:

100011, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай,

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, 3-қабат.

Телефонлар: 244-64-61; 244-37-87.

www.journalist.uz

 

* * *

Қосымша

Миллий бирге ислесиўшилер шөлкемлестирген номинациялар

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси:

  1. «Мийнет қатнасықлары сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын»;

«Социаллық шериклик темасында сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».

Өзбекистан Бийғәрез баспа ҒХҚ менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў Жәмийетлик қоры:

  1. «Инновациялық идеяларды үгит-нәсиятлайтуғын ең белсенди журналист»;
  2. «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын сәўлелендирген ең белсенди журналист».

Халықаралық бирге ислесиўшилер шөлкемлестирген номинациялар

ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы

«Инсан ҳуқықлары бойынша Конвенцияның 70 жыллығына бағышланған ең жақсы материал ушын» (билимлендириў, мәденият ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўлары бойынша).

Project HOPE (ЮСАИД бағдарламасы) (АҚШ):

  1. «Туберкулёз кеселлигиниң алдын алыў ҳәм емлеў мәселелери сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».
  2. «Туберкулёз кеселлигине шалынған наўқасларға деген кеңпейиллик» темасындағы ең жақсы материал ушын».

D W International (Германия):

«Шахс ҳәм жәмийет раўажланыўы ушын үлкен жастағы адамларды оқытыў/басқа кәсипке бағдарлаўдың орны ҳаққындағы ең жақсы материал ушын» (тек ғана баспа ҳәм он-лайн ҒХҚ журналистлери ушын).

«Регионаллық сөйлесиў» халықаралық шөлкеми (Словения)

«Коррупцияға қарсы гүресиў сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».

АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы

«Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы байланыслардың раўажланыўы ҳаққындағы ең жақсы материал ушын».

ҚХРдың Өзбекстандағы елшиханасы

  1. «Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги нәтийжели бирге ислесиў сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».
  2. «Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўы ҳаққындағы ең жақсы материал ушын».
  3. «Бир мәкан – бир жол» қурылысы сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын.

Түркия Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы

  1. «Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы қатнасықлар ҳаққындағы ең жақсы материал ушын»(пайтахт журналистлери ушын).
  2. «Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы ең жақсы материал ушын» (аймақлық журналистлер ушын).
  3. «Өзбекстан ҳәм Түркия арасында туризмди раўажландырыў мәселелерине арналған ең жақсы материал ушын» (аймақлық журналистлер ушын).

Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Әзербайжан мәденият орайы

  1. «Өзбекстан ҳәм Әзербайжан: Уллы жипек жолында әййемги заманлардан бүгинги күнге шекем».
  2. «Өзбекстан ҳәм Әзербайжан – көп миллетли ҳәм кеңпейил еллер» темасындағы ең жақсы материал ушын».

Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайының филиалы (РЭЦЦА) «Суў-экология темасындағы машқалалар ҳәм олардың шешимлерине арналған ең жақсы материаллар ушын» (ықлым өзгериси шараятында Өзбекстаннның қала ҳәм аўылларында суўды үнемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар). Фото хабаршылар, баспа ҳәм электрон ҒХҚ журналистлери ушын 3 номинация.

Гёте институты

«Өзбекстанның мәденият тараўындағы сиясаты мәселелерине арналған ең жақсы материал ушын».

Соның менен бирге, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарларының координаторы ҳәм Грузия Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы да өз сыйлықлары менен қатнасыўды режелестирилмекте.