Усы жылдың 10-июнь күни Нөкис районында жасайтуғын С.К. (ҳаял) қәйинатасы Е.С. менен өз ара жәнжеллесип қалып, анасы Ш.К.ның үйине өкпелеп кетип қалған.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының мәлим етиўинше, 11-июнь күни саат 14:00 лерде С.К. анасы Ш.К. ҳәм жеңгеси Ж.А. менен бирге қәйинатасы Е.С. менен қалған, 2020-жылы туўылған, ержетпеген перзентин алып кетиў ушын барған ўақытта ортада келип шыққан жәнжел себепли қәйинатасы Е.С. қолындағы темир буйым менен С.К. ҳәм оның анасы Ш.К.ларды урып, қастан өлтирген. Соң олар менен бирге келген пуқара Ж.А.ның басы ҳәм жүзине, сондай-ақ, денесиниң басқа жерлерине бирнеше мәрте урып, өлтирмекши болған ўақытта Ж.А. ўақыя орнынан қашып жасырынып, аўыр дене жарақатлары менен Нөкис районлық медициналық бирлеспесине жатқарылған.

Хабарда жазылыўынша, жағдай бойынша Нөкис районлық прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси ашылып, пуқара Е.С. Жынаят-процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланған.

Ҳәзирги ўақытта жынаят иси бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.