Олий Мажлис Сенатының жигирма жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте алты мәселе көрип шығылды.

Соның ишинде, «Мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳаққында»ғы, «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, және «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў  ҳаққында»ғы нызамлары додаланды.

Солардан бир нызам – «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын және пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамды мақуллаў бийкар етилди. Басқа нызамлар болса мақулланды.

Козимжон Комилов –  Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы сыпатында қайта сайланды.

ӨзА